Қарақалпақ халқының көшпели турмысының гүўасы

136

И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейи фондында халқымыздың көшпели турмыс тәризиниң сийрек ушырасатуғын буйымы – шынықап сақланбақта.

Ол узақ сапарларда ыдысларды сынып қалыўдан сақлаў ушын хызмет еткен. Бундай буйымлар арнаўлы ийленген териден қолда исленип, аттың ерине услағышы ҳәм баўы жәрдеминде байлап қойылған.

Оның дүзилиси де өзине тән: ыдыс салатуғын бөлеги гүмбез тәризли болып, майда мыс пластиналар жәрдеминде үшмүйешли нағыслар, оның ишинде геометриялық формалар тоқылған. Ал, асты тегис, тамшы формасында болып, ыдысты толық жаўып туратуғын қақпақ ўазыйпасын атқарған.

Бул экспонат тек ғана әпиўайы турмыслық буйым емес, ал, қарақалпақ халқының тәкирарланбас мәдениятында өз орнына ийе қол өнериниң үлгиси болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги