Музыка арқалы дослық: Италиялы устазлар шеберлик сабағын өтти

133

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалында «ItARTs» жойбары шеңберинде фестиваль өткерилип, Италия ҳәм қарақалпақ миллий сазлары орын алған концертлер, италиялы тәжирийбели устазлардың шеберлик сабақлары шөлкемлестирилди.

Быйылғы жылдың 15-февраль күни Италияның Аквила қаласындағы «ALFREDO CASELLA» консерваториясы менен халықаралық грант тийкарында бирге ислесиў меморандумына қол қойылған еди. Усы келисим тийкарында италиялы көркем өнер ҳәм мәденият тараўы хызметкерлери менен биргеликте «ItARTs» жойбары шеңберинде шөлкемлестирилген фестиваль музыка көркем өнери ықласбентлери ушын әжайып саўға болды.

Фестиваль шеңберинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында болып өткен концерттиң биринши бөлиминде республика ҳәм халықаралық таңлаўлардың лауреаты «Жайҳун» халық сазлары оркестри тәрепинен көркемлик жақтан жетекши “Шуҳрат” медалының ийеси, Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен жаслар устазы, профессор Ҳикмет Ражабов дирижёрлығында Жоаккино Россинидиң “Севилялы шаҳзада” операсынан увертюра, Едуардо ди Капуа, Джованни Капурроның “О Соле мио,” Италия композиторларының шығармаларынан попурри, Луиджи Денсаның “Фуникули-фуникула,” Ернесто де Куртистиң “Торна а Сурриенто,” Жоаккино Россинидиң “Каватина фигар,” Джузеппе Вердидиң “Травиата” операсынан “Застольная песня” сыяқлы Италия музыка көркем өнериниң белгили шығармалары айрықша шеберлик пенен атқарылды.

Екинши бөлимде италиялы студентлер тәрепинен Клаудио Монтеверди, Франческо Кавалли, Доменико Скарлатти, Доменико Чимароза, Россини Жоаккино, Жузеппе Верди, Жакомо Пуччини операларынан үзиндилер атқарылды.

Фестивальдың екинши күнинде италиялы тәжирийбели устазлар студент-жаслар ушын шеберлик сабақларын өтти. Олар өзлериниң теориялық ҳәм әмелий билимлерин және де беккемледи. Солай етип, италиялы көркем өнер тараўы хызметкерлериниң Аралбойына сапары умытылмас ўақыяларға бай болды. Еллеримиз арасындағы мәдений байланыслар және де беккемленип, музыка көркем өнериниң раўажланыўына өзиниң үлесин қосты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги