HealthTech AI Hackathon Нөкис қаласында старт алды

Нөкис қаласында «HealthTech Hackathon» сынақ басқышы старт алды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде Президентимиз басшылығында барлық тараўлар сыяқлы билимлендириў тараўын, соның ишинде санлы технологияларды раўажландырыў ҳәм турмысқа енгизиў бойынша алып барылып атырған реформаларды үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти ҳәм илаж жумысына табыслар тиледи.
Соны айтып өтиўимиз керек, бул илаж мәмлекетимиздеги улыўма миллий жасалма интеллект хакатон жойбарының биринши басқышы есапланады. AI Hackathon жойбары 2025-жыл октябрьнен 2026-жыл декабрьге шекем басқышпа-басқыш әмелге асырылады ҳәм онда 5 мыңнан аслам қатнасыўшы қатнасып, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, суд системасы, суў хожалығы ҳәм исбилерменлик бағдарлары бойынша инновациялық шешимлерди ислеп шығыўы күтилмекте.
Нөкисте өткерилип атырған “HealthTech Hackathon”ның тийкарғы мақсети – медицина тараўында санлы трансформация процесслерин жеделлестириў болып табылады. Жойбар мәмлекетимиздиң медицина жәмийетшилиги ҳәм IТ-қәнигелерин бир майданға топлап, санлы денсаўлықты сақлаў бағдарында жаңа шешимлер жаратыў ушын нәтийжели миллий платформа қәлиплестириўди нәзерде тутады.

Илаж IТ ҳәм медициналық жоқары оқыў орынларының студентлери, жас шыпакерлер, IТ қәнигелери ҳәм медицина мәкемелериниң ўәкиллериниң қатнасыўында даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги