Чемпионлар таярлаў жолында: боксте жаңа имканиятлар

87

Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары, Өзбекстан Республикасы бокс федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Раджапбай Нуразизов басшылығында бокс спорт түринде бүгинги күнде әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша гезектеги жыйналыс болып өтти.

Онда соңғы жыллары барлық тараўлар қатарында елимизде спорт тараўын раўажландырыў ҳәм ғалабалық спортты ен жайдырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында тараўға қаратылып атырған итибар ҳәм жаратылып атырған шараятлар ҳаққында кең түрде атап өтти.

Сондай-ақ, басқа спорт түрлери қатарында Қарақалпақстан Республикасында боксти еле де раўажландырыў, спортшыларымыздың жоқары нәтийжелерге ерисиўи ушын буннан былай да кең имканиятлар жаратыў 2028-жылы Лос-Анжелес қаласында болып өтетуғын XXXIV жазғы  Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларына таярлықлар көриў, лицензия алыў ҳәм медальлар санын көбейтиў ушын күшли таярлықларды көриў мәселелери сөз етилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Өткерилген илажда 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен жас боксшилерди елимизде ҳәм сырт еллерде өткерилип атырған жарысларға  таярлаўдағы пидайылығы ҳәм белсендилиги ушын бир топар тренерлерге Өзбекстан Республикасы бокс федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң Миннетдаршылық хатлары тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы