Мийнеттиң артынан берекет: балықшы ҳәм бағбанлар тәжирийбеси

Аўыл хожалығы ҳәм балықшылық елимиз экономикасында әҳмийетли орынға ийе болып, әсиресе, аўыллық жерлерде жасайтуғын халық ушын тийкарғы мийнет ҳәм дәрамат дереги болып табылады. Аўыл хожалығында киши кәрханалар тийкарынан ыссыхана, шарўашылық, қусшылық ҳәм балықшылық пенен шуғылланбақта.
Беруний районының «Алтынсай» аймағы район орайынан дерлик 40 километр алыста жайласқан. Бул аўыл пуқаралар жыйынында 6 мың 323 пуқара жасап келмекте. Халықтың усы бағдарларда баслаған исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў, жумыссызлықты азайтыў мақсетинде быйылғы жылы 1 миллиард 593 миллион сум жеңилликли кредит қаржылары ажыратып берилген болса, нәтийжеде жумыс баслаған исбилерменлердиң дәраматы өсип, көплеп аўыл турғынлары турақлы жумыс орнына ийе болды.
Аўыл турғыны Д.Кенжаев ҳәким жәрдемшисиниң қоллап-қуўатлаўы менен көлде балықшылық бағдарын кеңейтиў ушын 10 миллион сум жеңилликли кредит алып, және 4 аўылласын жумыс пенен тәмийинледи. У.Умрзоқов болса, аўыл хожалығынан ижара тийкарында жер алып, дийқан хожалығын шөлкемлестирди ҳәм 1 мың 200 дана жүзим нәлин егип, тәрбиялап келмекте. Быйыл зүрәәтке кирген жүзимнен дәрамат кире баслады.




Аўыл аймағында исбилерменликтиң раўажланыўы менен халықтың турмыс дәрежеси де артпақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги