Социаллық тармақларда қәнигелерди қалай баҳалаў керек?

Ҳәзирги күнде социаллық тармақларда блог жүргизиў ҳәр бир инсан ушын әпиўайы жағдайға айланған. Енди бул платформалар тек ғана сүўрет ҳәм видеоларды бөлисиў орны емес, ал ҳәр қыйлы кәсип ийелери ушын өз жумысын көрсетиў, қарыйдарлар базасын кеңейтиў ҳәм профессионал портфолио сыпатында хызмет етпекте.
Блог жүргизиўдиң унамлы тәреплери көп. Мысалы, социаллық тармақлардағы блог арқалы инсан өзин кең аудиторияға таныстырыўы, жумыс искерлигин көрсетип, қарыйдарлар ағымын арттырыўы мүмкин. Сондай-ақ, блоглар арқалы қәнигелер жаңа хызметлер ҳәм өнимлерин үгит-нәсиятлайды, өз тараўындағы жаңалықлар ҳәм билимлерин басқалар менен бөлиседи.
Социаллық тармақлар миллионлаған пайдаланыўшыларға ийе болып, бул платформалар қәнигеге өз хызметлерин көрсетиўде кең имканиятлар жаратады. Блог арқалы қәнигелер өзиниң жеке брендин жаратыўы ҳәм қарыйдарлар менен аңсат байланысқа кирисиўи мүмкин. Бул арқалы исенимли жеке имиджин жаратып, кең аудиторияға ийе бола алады. Қалаберди, жумыс үлгилери, усыныслар, табыслы нәтийжелер менен қәниге өз тәжирийбесин көрсетиўи мүмкин.
Соның менен бирге, блог жүргизиўде айырым унамсыз жағдайлар да ушырасып турады. Әсиресе, социаллық тармақлардың ғалабаласыўы менен ҳәр бир адамның қәниге болып көриниўге умтылыўы нәтийжесинде сапалы хызмет көрсетиў нормалары төменлеп бармақта. Мысал ушын, айырым қәнигелер басқалар қойған жумысларды өз блогларына жайластырады ҳәм хызмет сапасы профессионал қәнигеден әдеўир төмен болады. Қарыйдарлар болса жазылыўшы ҳәм көриўлер санына қарап қәниге таңлаўы бундай жалған қәнигелердиң базары кеңейиўине де себеп болмақта. Әсиресе, медицина, билимлендириў, косметология сыяқлы тараўларда сапа қадағалаўының жетерли емеслиги көп машқалаларды келтирип шығармақта.
Мәселен, айырым әпиўайы косметологлар блефаропластика сыяқлы қурамалы операцияларды орынлаўға урынып, наўқасларда унамсыз тәсирлер келтирип шығармақта. Ямаса оқытыўшылар қысқа мүддетте IELTS сертификатына ийе болыўды ўәде етип, ҳақыйқатында болса улыўма қанаатландырарсыз сабақлар алып барып атырғаны да күнделикли турмысымызда тез-тез жүз беретуғын ўақыялардан бири болып есапланады. Бундай жағдайлар айрықша қәўетерлениў оятып, социаллық тармақларда қәниге таңлаўда абайлылық зәрүрлигин көрсетпекте.
Ҳәр бир инсан социаллық тармақларда қәниге таңлаўдан алдын, блогтағы жумысқа емес, ал қәнигениң маманлығы ҳәм жумыс тәжирийбесине тийкарланған таңлаўды әмелге асырыўы әҳмийетли. Қәнигениң билим алғанлығы ҳаққындағы диплом ҳәм сертификатларын да тексериў оның тәжирийбеси ҳәм билимин тексериў ушын исенимли дерек сыпатында хызмет етеди. Ҳәр қандай хызметте сапаға айрықша итибар бериў, нәтийжелер менен баҳалаў керек.
Социаллық тармақлар арқалы өз жумысын көрсетиў имканияты көплеген кәсип ийелери ушын жүдә үлкен абзаллық болып есапланады. Бирақ, бул имканиятлардан пайдаланған ҳалда хызмет сапасының төменлеўи ҳәм жалған реклама жағдайлары көбеймекте. Соның ушын ҳәр бир инсан өзине керекли қәнигени таңлаўда тек ғана социаллық тармақтағы блогына емес, ал оның ҳақыйқый билим ҳәм тәжирийбесине де итибар бериўи керек.
Буннан тысқары, қәнигелер де өз жумысын ҳақыйқатқа сәйкес, сапалы ҳәм ҳадал түрде алып барыўы зәрүр. Бул тек ғана олардың абырай-мәртебесин арттырып қоймастан, ал қарыйдарлар менен узақ мүддетли ҳәм исенимли қатнасықларды беккемлейди. Солай етип, социаллық тармақлар дүньясында сапалы хызмет көрсетиў ҳәм ҳақыйқый маман қәнигелерди анықлаў ушын билим, тәжирийбе ҳәм пикирлер тийкарында таңлаў бүгинги күнде ең әҳмийетли норма болып есапланады.
Дилдора ДЎСМАТОВА,
ӨзАның хабаршысы