Мийнеттиң мазалы мийўеси – бағшылық

129

Соңғы жылларда елимизде бағшылық раўажланып, экспорт көлеми бир неше есеге артты. Бул бағдарда Қарақалпақстан Республикасында базар механизмлери тийкарында бағлар ҳәм жүзимзарларды шөлкемлестириў, экспортты кеңейтиўге қаратылған жойбарлар әмелге асырып келинбекте.

Республикамыз районларындағы барлық хожалықларда жәми 7,4 мың гектар мийўели бағ, 1,8 мың гектар жүзимзар болып, олар жылына 76 мың тонна мийўе ҳәм 14,4 мың тонна жүзим жетистирип бермекте. 2025-жылда 800 гектар майданда жаңа бағ ҳәм жүзимзарлар шөлкемлестирилиўи режелестирилген. Реже тийкарында бәҳәр айларында 469 гектар майданда мийўели бағ ҳәм 108 гектар майданда жаңа жүзимзарлар шөлкемлестирилди.

Беруний районында да бул бағдарда бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Район бағбанлары бағшылықта көп жыллық тәжирийбеге ийе. Олардың ҳәр мәўсимде өзара тәжирийбе алмасыў ҳәм илимнен пайдаланыў әмелиятын ийелеўи, жаңа бағлардың шөлкемлестирилиўине тийкар жаратады.

Районның «Бийбазар» аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан бағшылыққа қәнигелескен «Вахобжон косиб» фермер хожалығының улыўма жер майданы 7 гектар болып, хожалықта тийкарынан алмурт ҳәм жүзим жетистириледи.

Бүгинги күнде фермер хожалығында алмурттың 4 түри писип жетилискен болып, тийкарынан қыс мәўсимине сақлап қойылады. Өзине тән агротехникалық тәрбиядан өткен бул мийўелердиң де сақланыўының сыры бар. Беруний районында улыўма 577 гектар мийўели бағлардың 443 гектары зүрәәтке кирген. Жүзимзарлар 92 гектар болып, 70 гектары өним бермекте ҳәм 22 гектары жаңа бағлар есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги