Профессор-оқытыўшыларға ҳүрмет көрсетилди

103

Республикамыздың барлық орынларында болғаны сыяқлы, 1-октябрь – «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамы Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳам спорт университети Нөкис филиалында да көтериңки кейпиятта белгиленип өтилди.

Илажда филиал директоры, профессор Б.Еримбетов жас әўладтың руўхый дүньясы бай, жоқары интеллектуаллық потенциалға ийе, кәмил инсанлар болып камалға келиўинде аянбай мийнет етип атырған пидайы кәсип ийелери болған муғаллим ҳәм устазлардың  мийнетлерин жоқары баҳалап, оларды байрам менен қызғын қутлықлады.

Илажда соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жоқары билимлендириў тараўында жүз берип атырған жаңаланыў ҳәм өзгерислер атап өтилип, бул имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлигине тоқталды.

Буннан соң, байрам мүнәсибети менен тараўда жемисли мийнет етип киятырған ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсеткен бир қатар профессор-оқытыўшыларға Миннетдаршылық хаты тапсырылды.

Байрам илажы филиал студентлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен кеўилли даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы