Жеңис пенен қайтқан спортшылар

96

Қазақстан Республикасы Атыраў қаласында спорттың бокс түринен халықаралық турнир болып өтти.

Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында республикамыздың боксшилери де қатнасып,  жақсы нәтийжелерди қолға киргизди.

Атап айтқанда,  Артур Кеңесбаев басқа қарсыласларын жеңип, алтын медаль ийесине айланған болса, Муса Оңғарбаев гүмис,  Айдос Асанов қола медалларын жеңип алды.

Халықаралық турнирде қатнасқан спортшыларымыз бүгин Нөкис темир жол вокзалында Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Еркинбай Қутыбаев, тренер-устазлары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен биргеликте салтанатлы түрде күтип алынды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы