Билимлендириўге итибар – келешекке итибар

116

Мүнәсибет

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев БМШ Бас Ассамблеясының 80-юбилей сессиясында шығып сөйлеўи пүткил халқымызды, соның ишинде педагогларды қуўанышқа бөледи. Себеби, мәмлекетимиз Президенти үлкен минберде турып, халықаралық әҳмийетке ийе усынысларды билдирип өтти.

Әсиресе, мәмлекетимизде устазға көрсетилип атырған ғамқорлықларды БМШ минберинен тыңлар екенбиз, биз устазлар еле де өз профессионаллық шеберлигимизди асырып, бала тәрбиясындай әдиўли исте жуўапкершилигимизди еледе  күшейтиў керек екенлигимизди сезинбектемиз.

Президент Шавкат Мирзиёев өз баянатында  мәмлекетимиздеги жаңаланыўларға айрықша тоқтап өтти. Соңғы жылларда Өзбекстанда кәмбағаллық дәрежесин 35 проценттен 6,6 процентке шекем қысқартыўға ерисилгени атап өтилди. Оған, ең дәслеп, билимлендириў ҳәм илим тараўын өзгертиў, инновациялық тармақлар ҳәм технологиялық санаат кәрханаларын қурыў, “жасыл” энергетика ҳәм транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, киши бизнести ҳәр тәреплеме раўажландырыў  ҳәм нәтийжеде миллионлаған жумыс орынларын жаратыў арқалы ерисилмекте.

Мәмлекетимизде мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 27 проценттен 78 процентке артқаны, жасларымыздың жоқары билимлендириўге қамтып алыныўы болса 9 проценттен 42 процентке жеткени атап өтилди. Ең тийкарғысы – оқытыўшы ҳәм устазлық кәсибиниң абырай-мәртебесин кескин арттырыўға шешиўши мәселе сыпатында қаралмақта.

Жеке бақшаларда тәрбияшылар айлығы ҳәм бала қәрежетиниң бир бөлеги бюджеттен қаплап бериледи.

Оқыўшы мектепте билим алыўы менен бирге   қәсипке ямаса жоқары оқыў орнына  кириўге бағдарланады. 400 мың оқыўшы техникумларға тартылады. 10-11-классты мектепте оқыйтуғын оқыўшыларға жөнелиси бойынша пәнлер тереңлестирилип оқытылады. Мектеп оқыўшыларының шет тили ҳәм пәнлер бойынша алған сертификатлары мектептеги жуўмақлаўшы имтиханларда тән алынады.

2026-жыл жасларды заманагөй қәсип-өнерге үйретиў жылы болып, усы мақсетте  Кәсиплик  тәлим агентлиги шөлкемлестириледи.

Мектеплерде мәсләҳатши лаўазымы енгизилип, оқыўшылар  7-класстан баслап пәнлерди өзлестириўи ҳәм қәсипке қызығыўы бойынша таңлап алынып, 9-классларды питкергенинде техникумларға бағдарланады.

Усы жылы оқыўға кире алмаған 200 мың жас техникумларда 3-6 айлық қысқа мүддетли бағдарламалар тийкарында қәсипке оқытылады.

Енди жаңа жылдан баслап 15 жыл стажға ийе болған жоқары категориясы бар муғаллимлерге ипотека кредитиниң басланғыш төлеминиң 25 проценти қапланып бериледи.

Келеси оқыў жылынан баслап, мәмлекетлик оқыў орынларына кирген педагоглардың перзентлерине 30 процент шегирме бериледи. Оқытыўшылар жаңа тәлим технологияларын кеңнен қолланыўы ушын компьютер сатып алыў ушын 10 млн. ға шекем жеңиллетилген кредит бериледи.

Келеси жылдан баслап педагоглар ушын мәмлекетлик хызметлер төлеми 2 есе кемейттириледи ҳәм пән муғаллимлери сыяқлы баслаўыш класс муғаллимлери ушын Миллий сертификат алғанларға ҳәр айда 15 процент үстеме төленеди.

Булардың бәри бизиң елимизде инсан қәдири барлық нәрседен үстин екенлигиниң, билимлендириў тараўын раўажландырыўға қаратылған айрықша итибар, келешек әўладтың билимли инсанлар болып шығыўы сондай-ақ,  устазлар ҳәм муғаллимлердиң мийнетин қәдирлеў екенлигиниң айқын көриниси есапланады.

 

                                                        Оралхан Сапарова, Нөкис қаласындағы 34-санлы мектептиң директоры, Ѳзбекстан халық билимлендириўи ағласы,
халық депутатлары Нѳкис қалалық Кеңесиниң депутаты