Муғаллим ҳәм устазға ҳүрмет – жоқары қәдирият

Бүгин Қарақалпақстан көркем өнер сарайында «1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Илажға республикамыз басшылары, министрлер, билимлендириў тараўының пидайылары, устаз-нуранийлер, жаслар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев жыйналғанларды кәсиплик байрамы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиз басшылығындағы реформалар нәтийжесинде билимлендириў тараўын раўажландырыў бойынша оғада үлкен нәтийжелерге ерисилмекте. Усы ийгиликли жумыслардың даўамы сыпатында барлық билимлендириў мәкемелери ҳәм шөлкемлериниң материаллық-техникалық базасы беккемленип атыр.
Атап айтқанда, усы жылы барлық бағдарламалар тийкарында, жəми 356 млрд. сумлық қаржы есабынан 35 мектепте ҳəм 36 бақшада қурылыс-реконструкция жумыслары алып барылып атыр. Соның ишинде, быйылғы жылдың ѳзинде жоқары оқыў орынларында улыўма баҳасы 145 млрд. сумлық 2150 орынлық 5 жатақхана пайдаланыўға тапсырылды, 3 мектепте халықаралық «Кембридж» оқыў бағдарламасы еңгизилди. Қарақалпақстанлы жасларды жоқары билимлендириўге қамтып алыў бойынша өткен үш жылда 20 мың, быйылғы жылы қосымша 10 мың 750 квота берилгенлиги кеўиллерди айрықша мақтаныш сезимлерине бөлемекте.
Өткерилген салтанатлы илажда мине усындай ийгиликли жумыслар ҳаққында кең түрде сөз етилди.
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарары менен бир топар тараў пидайыларына ҳүрметли атақлар, көкирек белгилери ҳəм хошаметлеў сыйлықлары салтанатлы түрде тапсырылды.
– Бизиң мектебимиздиң тәрбияланыўшылары елимиз ҳәм халықаралық көлемдеги жарысларда жеңимпазлықты қолға киргизип, мәмлекетимиз байрағын бәлентлерде желбиретип келмекте. Мениң спортшы жасларды таярлаўдағы азы-кем мийнетлерим инабатқа алынып, «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы» ҳүрметли атағы менен сыйлықландым,-дейди Республикалық ойын түрлерине қәнигелескен спорт мектебиниң директоры Дәўлетмурат Қалқоразов. – Бизлер келешекте де халықаралық спорт жарысларында жоқары нәтийжелерди көрсететуғын спортшыларды таярлаўда аянбастан хызмет ете беремиз.
Салтанатлы илаж республика көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған йошлы концерт бағдарламасы менен кеўилли даўам етти.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы