Байрамда тараў пидайылары хошаметленди

102

Устазлық уллы мәртебе. Көзиниң нурын, жүрегиниң отын  жас әўладтың билим алыўы жолында сарыплап, олардың келешегине беккем тийкар жаратып атырған муғаллим ҳәм устазлардың ислеп атырған мийнети ҳәр қандай мақтаўға турарлық.

Елимизде ҳәр жылы 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни жоқары дәрежеде өткериледи. Быйылғы жылы да бул байрам республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы, Шымбай районында да көтериңки руўхта белгиленди.

Илажға район басшылары, депутатлар, тараў пидайылары, нураныйлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Онда район ҳәкими А.Тажетдинов илаж қатнасыўшыларын кәсиплик байрамы менен қутлықлап, соңғы жылларда Президентимиз басшылығында билимлендириў тараўында әмелге асырылған реформалар,  қолға киргизилген жетискенликлер ҳәм табысларға кеңнен тоқтап  өтти.

Илажда бир қатар мийнет алдыңғыларына район ҳәкимлигиниң Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

Байрам кешеси республикамызға белгили көркем өнер шеберлери ҳәм районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен кеўилли даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы