Робот басқаратуғын автоном дүкән иске қосылды

156

Қытайдың Galbot компаниясы тәрепинен жаратылған ҳәм толық гуманоид робот тәрепинен басқарылатуғын азық-аўқат дүкәны рәсмий түрде иске қосылды. Бул дүкән инсан араласыўысыз ислейтуғын биринши автоном саўда орайы болып есапланады.

Дүкәнда бирден-бир хызметкер – Galbot G-1 атлы жасалма интеллектке ийе гуманоид робот. Ол келиўшилерди күтип алады, буйыртпаларды қабыл етеди ҳәм өнимлерди жеткерип береди. Дүкән киши болыўына қарамастан, күнине мыңлап қарыйдарларға хызмет көрсетеди.

Робот өз бетинше ислеп атырған болса да, ол еле барлық тәреплеме жетик емес. Galbot G-1 өнимлерди әсте ҳәрекет пенен алып келеди, бул болса узын нәўбетлерге себеп болмақта. Сондай-ақ, сыртқы шаўқымлар роботтың қарыйдарлар менен байланысын қыйынластырыўы мүмкин.

Galbot компаниясы басшысы Вен Айронг бул жойбар ҳаққында былай дейди: – Бул тек ғана дүкән емес, ал усақлап сатыўға болған қатнасымыздағы жаңа басқыш болып есапланады. Биз бул технологияны Қытайдың басқа қалаларына да енгизиўди режелестирип атырмыз.

Компания ҳәзирги ўақытта роботлардың тезлигин арттырыў, шаўқымға бейимлесе алатуғын даўыс системаларын енгизиў ҳәм жасалма интеллектти және де жетилистириў үстинде жумыс алып бармақта.

Бул жойбар саўданың келешеги ҳаққында қатаң сораўларды ортаға тасламақта. Автоном дүкәнлар турақлы ислеўи, жумысшы күши жетиспеўшилигин сапластырыўы ҳәм қәрежетлерди азайтыўы мүмкин. Бирақ ҳәзирше бул тек сынақ басқышы.

Роботлар адам орнын баса ала ма ямаса бул тек маркетинг тәжирийбеси ме – ўақыт көрсетеди. Бирақ бир нәрсе анық: Пекиндеги бул киши дүкән үлкен технологиялық өзгерислердиң басланыўы болыўы мүмкин.

Мадинабону Насриева,

Улуғбек Тўхтаев,

ӨзАның хабаршылары