Трамп сырт ел фильмлерине 100 процент бажы салмақшы

106

АҚШ Президенти және сырт ел кино көркем өнерин нышанға алды.

Ол дүйшемби күни жәрияланған билдириўинде мәмлекет сыртында исленген барлық фильмлерге 100 процентлик бажы енгизилетуғынын айтты.

– Кино санаатымыз басқа мәмлекетлер тәрепинен урланбақта, бул тап баладан қант тартып алыўдай аңсат өтпекте. Әсиресе, Калифорния буннан қатты зыян көрмекте. Соның ушын АҚШтың сыртта исленген ҳәр қандай фильмге 100 процент бажы саламыз. “Make America great again”, – деп жазды Трамп өзиниң социаллық тармағында.

Жетекши 2024-жыл май айында Саўда министрлиги ҳәм Саўда ўәкилине усы илажды әмелге асырыўға руқсат берген еди. Июль айында АҚШ – ЕА саўда келисимине қол қойылған болса да, ҳүжжетте кино санааты улыўма тилге алынбаған. Европа кино тараўы ўәкиллери май айында-ақ бул қәўиптен қәўетерленген, ЕА сөйлесиўде олардың мәпи қорғалмаўы мүмкин екенин айтқан.

АҚШ кино ҳәм медиа санаатын қорғаўшы “Motion Picture Association” (MPA) шөлкеми болса Трамп ҳәкимшилигине мүрәжат етип, Европа нызамшылығы себепли Американың ири стриминг платформалары қыйын жағдайға түсип атырғанын билдирди. Яғный, ЕА аймағында хызмет көрсетиўши платформалар каталогының кеминде 30 процентин Европа фильмлери қураўы шәрт.

Европа Аудиовизуал обсерваториясының мағлыўматына бола, 2023-жылы Қурама Штатларда 4,8 миллион Европа фильмлери көрсетилген. Еврокомиссия ҳәзирше Трамптың баянатына мүнәсибет билдирмеди.

Муслим Зиё, ӨзА