Өзбекстан – Иран қатнасықлары жеделлесип баратырғаны атап өтилди

81

Олий Мажлис Нызамшылық палатасында Иран Ислам Республикасы Ислам кеңеси мәжилисиниң депутаты, “Иран – Өзбекстан” парламентлераралық дослық топарының баслығы Жавад Никбин менен ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиўде кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм Иран арасындағы қатнасықлар сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгени, еки тәреплеме байланыслардың барлық бағдарларында өз-ара қатнасықлар жеделлесип, көп тәреплеме сөйлесиўлер беккемленип атырғаны айрықша атап өтилди. Әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2023-жыл июнь айында Иран Ислам Республикасына рәсмий сапары шеңберинде Өзбекстан – Иран қатнасықлары және де кең көлемли бирге ислесиў дәрежесине көтерилгени атап өтилди.

Сәўбетлесиў ўақтында Спикер орынбасары Раҳимжон Ҳакимов мийманларға “Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңберинде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, Нызамшылық палатасының жумысы, комитет ҳәм комиссияларының ўазыйпалары ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Өз гезегинде, Жавад Никбин Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен алып барылып атырған тең салмақлы, ашық ҳәм конструктивлик сыртқы сиясат, кең көлемли реформалар ҳәм олардың нәтийжелерин атап өтти. Сондай-ақ, мийман Өзбекстанға сапарлары даўамында жүдә үлкен өзгерислердиң гүўасы болып атырғанын, бул болса реформалардың нәтийжеси екенин атап өтти.

Ушырасыўда парламентлераралық қатнасықларды раўажландырыў перспективаларына тоқтап өтилди. Соның менен бирге, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, транспорт, энергетика, денсаўлықты сақлаў, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды жаңа басқышқа алып шығыў бойынша пикир алысылды.

Муҳтарама Комилова,

ӨзА