Өзбекстан ҳәм Түркия: ҳәкимшилик судлаў тараўын және де жетилистириў бойынша тәжирийбе алмасады

81

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының баслығы Бахтиёр Исломов елимизге келген Түркия Республикасы Мәмлекетлик кеңеси (Жоқары ҳәкимшилик суды) баслығы Зеки Йигит пенен ушырасты.

Сөйлесиўде халықларымызды көп әсирлик тарийх, тил, дин, қәдириятлар ҳәм уқсас үрп-әдетлер бир-бирине тығыз байланыстырып туратуғыны атап өтилди. Мәмлекетлеримиз арасында өз-ара исенимге тийкарланған дослық қатнасықлар бүгинги күнде избе-из беккемленип бармақта.

Ушырасыўда мийманлар Өзбекстанда кейинги жылларда суд-ҳуқық системасын буннан былай да жетилистириў, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў илажларын күшейтиў, әдил судлаўды нәтийжели тәмийинлеў ҳәм судьялар жәмийетшилигиниң ролин арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар менен таныстырылды.

Президентимиздиң усы жыл 21-августтағы “Судлардың жумысына жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыў ҳәм суд системасының материаллық-техникалық тәмийнатын жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманы мийманларда үлкен қызығыўшылық оятты.

Елимизде мәмлекетлик уйымлар менен қатнасықларда пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаўды тәмийинлеўде системалы реформалар алып барылып атырғаны айтып өтилди.

Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 30-январьдағы “Пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын суд арқалы қорғаўдың заманагөй механизмлерин енгизиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарары менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиў ҳаққындағы нызамшылықты жетилистириў концепциясын әмелге асырыў шеңберинде жаңа редакциядағы Ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиў ҳаққындағы кодекс жойбары үстинде кең көлемли жумыслар алып барылып атырғаны атап өтилди.

Тәреплер ҳәкимшилик судлаў тараўын буннан былай да жетилистириў мәселеси бойынша өз-ара тәжирийбе алмасыў бағдарында жедел бирге ислесиўге таяр екенин билдирди.

Исшең ҳәм дослық руўхында өткен ушырасыўда басқа да мәселелер бойынша пикир алысылды.

Түркиялы мийман Жоқары суд музейи менен де танысты.

Н.Абдураимова,

 ӨзАның хабаршысы