“Артемида-2”: инсанлар және Айға ушпақта ҳәм алдын ҳеш қашан бармаған узақлыққа барады

2026-жыл февраль айында NASA төрт астронавтты адамзат тарийхындағы ең узақ пәрўазға жибериўди режелестирмекте. “Артемида-2” миссиясы 1972-жылдан берли адамлардың Жер әтирапындағы төмен орбитадан сыртқа биринши пәрўазы болады. Төменде оның өзине тән тәреплери:
Айдан да ары. Экипаж Айды айланып өтеди ҳәм оның орбитасынан 9200 км ден артық аралыққа қашықласады – еле ҳеш бир инсан Жерден буншелли узаққа бармаған.

Өзгеше экипаж. Биринши мәрте Ай миссиясында ҳаял (Кристина Кук), афроамерикалы (Виктор Гловер) ҳәм америкалы болмаған (Канадалы Жереми Хансен) қатнаспақта. Экипажға Рид Уайзмен басшылық етеди.
Қоныўға таярлық. Мақсет тек ғана Айға жетип барыў емес. Бул пәрўаз 50 жыл ишинде биринши мәрте Айға қоныўға (“Артемида-3” миссиясы шеңберинде) ҳәм келешекте Марсқа пәрўазға таярлық көриўге қаратылған.
Егер ҳәмме нәрсе реже бойынша барса, ушыў 2026-жыл 5-февральда әмелге асырылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги