Жынаят нызымшылығындағы реформалар: теория ҳәм әмелият үнлеслиги

Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң 2024-жыл 27-декабрьдеги 490-санлы қарары тийкарында, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Жынаят ҳәм жынаят-процессуал нызамшылығын жетилистириў мәселелери” атамасында республикалық илимий-әмелий конференция өткерилди.
Оған Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, Исбилерменлик, бәсекини раўажландырыў ҳәм санаат мәселелери комитети баслығының орынбасары С.Утемуратова, Нөкис қаласы прокуратурасының аға тергеўшиси М.Кулумбетов, елимиздеги жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, ҳуқықтаныўшы илимпазлар, илимий излениўшилер ҳәм әмелиятшы қәнигелер қатнасты.
Конференцияны университеттиң Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Турдымамбетов ашты ҳәм алып барды. Илаж даўамында жынаят ҳәм жынаят-процессуал нызамшылықты жетилистириўдиң теориялық ҳәм әмелий тәреплери додаланып, ҳуқықый тараўда алып барылып атырған реформалардың илимий тийкарлары сәўлелендирилди.
Өткерилген әнжуман шеңберинде қатнасыўшылар тәрепинен тийисли бағдарларда илимий мақалалар усынылды, қәнигелердиң баянатларында жынаят нызамшылығын раўажландырыў, оны халықаралық стандартларға бейимлестириў ҳәм әмелияттағы машқалаларға шешим табыў мәселелери айрықша итибар орайында болды.

Бул илимий-әмелий конференция жынаят ҳәм жынаят-процессуал нызамшылықты буннан былай да жетилистириў жолында үлкен илимий ҳәм әмелий әҳмийетке ийе болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги