Мийнет жәмийети – бир шаңарақ

Мәмлекетимизде пахта жыйын-терими қызғын даўам етип атырған бир дәўирде, ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң жәмәәти де бул үлкен процесске өз үлесин қоспақта.
Атап айтқанда, Кегейли районы «Көк өзек» АПЖ аймағында жайласқан «Қудайберген Бийбайша» фермер хожалығының пахта атызларында партия белсендилери пахта теримине шығып, фермерлер менен биргеликте аўызбиршилик пенен мийнет етти.
– Пахта терими тек ғана дийқан ҳәм фермерлеримиздиң емес, ал пүткил халқымыздың улыўмахалықлық мийнет майданына айланып бармақта. Бүгин биз де «Қудайберген Бийбайша» фермер хожалығы атызларында пидәкерлик пенен мийнет етип атырған фермерлер менен бир қатардамыз. Партия жәмәәти сыпатында бизиң мақсетимиз аўыл хожалығы тараўында алып барылып атырған реформаларға үлес қосыў ҳәм фермерлеримизди турақлы қоллап-қуўатлаў болып табылады,-дейди ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң қәнигеси Бахадир Адилчаев.
Мағлыўмат ушын, Кегейли районы бойынша жәми 5858 гектар майданға пахта егилген болып, быйыл 18000 тоннадан аслам «ақ алтын» зүрәәтин жыйнап алыў режелестирилген. Ҳәзирги күнде райондағы 140 фермер хожалығы бул процессте белсене қатнаспақта.
Амангүл Есемуратова, ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси Жәмийетшилик пенен байланыслар, мәлимлеме сиясаты ҳәм идеологиялық ислер бөлими баслығы
Қарақалпақстан хабар агентлиги