Социаллық объектлердиң жумысы үйренилди

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Гүлжан Халмуратова Тақыятас, Хожели районларында сайлаўшылар менен ушырасты ҳәм аймақтағы бир қатар социаллық объектлер менен жақыннан танысты.
Дәслеп депутат Тақыятас районындағы «Дочки-сыночки» жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде тәрбияланыўшылар ушын жаратылған шараятларды көзден өткерди. Сондай-ақ, объектте гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумысларының сапасын, ысытыў үскенелериниң жағдайын үйренди. Шөлкемниң жумысы менен жақыннан танысар екен, елимизде соңғы жыллары әмелге асырылып атырған реформалар, нызамшылықта жаңадан қабыл етилип атырған нызамлар ҳаққында кең түрде тоқтап өтти. Өзбекстан Республикасы Президентиниң Ташкент ўәлаяты Бостанлық районында Оқытыўшы ҳәм муғаллимлер күни мүнәсибети менен өткерилген салтанатлы илаждағы баянаты ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыў, устаз ҳәм муғаллимлердиң мийнет ҳәм жасаў шараятын жақсылаў бойынша алға қойылған бир қатар басламалардың мазмуны, әсиресе, мектепке шекемги билимлендириўге қаратылып атырған итибар турмыслық мысаллар менен атап өтилди. 2018-жылдан берли жумыс ислеп киятырған бул жеке меншик бақша 150 орынға мөлшерленген болып, онда балалар ушын барлық шараятлар жаратылған.
Депутат «Тақыятас» мәкан пуқаралар жыйынында «мәҳәлле жетилиги»ниң жумысы менен танысты. Өз гезегинде, «жетилик»тиң жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў ушын зәрүрли усыныслар берилди.
Кейинги мәнзил райондағы шаңарақлық поликлиника болды. Бул поликлиника быйылғы жылдың апрель айында жумыс баслаған болып, райондағы «Абат мәкан», «Айдын жол», «Жайхун» ҳәм «Дослық» мәҳәллелеринде жасайтуғын 21 мыңнан аслам халыққа хызмет етип келмекте. Шаңарақлық поликлиникада тәжирийбели шыпакерлер ҳәм мийирбийкелер мәҳәлле турғынларының денсаўлығын беккемлеўде, оларға сапалы медициналық хызмет көрсетиўде санластырылған «DMED» инновациялық платформасынан пайдаланып келмекте. Халық ўәкили поликлиникадағы медицина тараўы ўәкиллери менен сәўбетлесер екен, елимизде соңғы жыллары тараўға қаратылып атырған итибар, халықтың денсаўлығын беккемлеў жолында әмелге асырылып атырған илажлар, коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў бойынша қабыл етилип атырған нызамлардың мазмунын ҳәм әҳмийетин кеңнен түсиндирип өтти.



Халық ўәкили Хожели районында болып, халықтың ишимлик суўы бойынша мүрәжатын орнына барып үйренди. Хожели районындағы «Қумжыққын» аўыл пуқаралар жыйынына қараслы «Тоғыз там» аўылының турғынлары көптен берли ишимлик суўы машқаласынан қыйналып, канал-салмалардың суўынан пайдаланып отырғанын билдирди. Бул машқала бойынша районлық Суў тәмийнаты бөлиминиң жуўапкер хызметкерлери «Қумжыққын» аўыл пуқаралар жыйынына қараслы «Тоғыз там», «Нурымбет», «Зергер» ҳәм «Саратаў» аўылларына ишимлик суўы толық жетип барыўы ушын көтерип беретуғын насос станциясын орнатыў кереклигин айтты. Депутат Г.Халмуратова ҳәм Суў тәмийнаты бөлиминиң жуўапкер ўәкиллери тәрепинен тийисли министрликлерге жоқарыдағы мәселе бойынша усыныслар берилип, келеси жылы инвестициялық бағдарламаға киргизилетуғынлығы атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги