Төрткүлде Қурбанбай жыраўдың бюсти ашылды

68

 26-сентябрь күни Төрткүл районы 3-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби алдында қарақалпақ халық жыраўы Қурбанбай жыраў Тәжибаевтың бюсти ашылды.

Салтанатлы илажда шығып сөйлегенлер жыраўдың өмир жолын ҳәм бай мийрасын еске алып, оның көркем өнери келешек әўлад ушын да тәрбия ҳәм илҳам булағы екенин атап өтти.

Бюст Өзбекстан Көркем өнер академиясының ағзасы, белгили мүсинши Абдулла Раджапов тәрепинен исленген. Оның балалар көркем өнер мектеби алдында орнатылыўы жас әўладқа көркем өнер ҳәм миллий қәдириятларды үгит-нәсиятлаўдың өзине тән белгиси болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги