Пахта териминде белсендилик көрсетпекте

76

 Республикамыздың барлық аймақларында болғаны сыяқлы, ҳәзирги күнлери Қанлыкөл районындағы «Абдуллаев Дәрьябай» фермер хожалығында  да пахта жыйын-терими қызғын даўам етпекте.

Бул ийгиликли ислерде Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Қанлыкөл районлық кеңесиниң жуўаплы хызметкерлери, депутатлар, сондай-ақ, «Нурнийлер Кеңеси» ағзалары белсендилик көрсетпекте.

– Пахта атызларында партия белсендилери ҳәм нуранийлердиң қатнасыўы ҳәммемизге күш-ғайрат бағышламақта, – дейди Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңесиндеги партия топарының ағзасы Қунназар Пирназаров.

Сондай-ақ, районда пахта теримине белсене қатнасып атырған бир топар нуранийлерге партияның естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги