«Нөкис – Үргениш» жөнелисиндеги дәслепки поезд пайтахтымызда

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш. Мирзиёев тәрепинен 2025-жыл 14-августтағы «Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды буннан былай да жеделлестириў ҳаққында»ғы қарарында Хорезм ҳәм Қарақалпақстанның туризм жөнелисин өз-ара байланыслы түрде раўажландырыў бойынша ўазыйпалар белгиленген еди.
Ҳүрметли Президентимиздиң усы қарары талапларынан келип шығып, елимиздиң туризм потенциалын арттырыў, қалалар арасында қолайлы темир жол байланысын орнатыў мақсетинде, 27-сентябрь сәнесинен баслап «Нөкис – Үргениш» жөнелисинде жолаўшы поездларының қатнаўы жолға қойылды ҳәм оның дәслепки рейси Нөкис қаласына жетип келди.

Соны айтып өтиўимиз керек, «Нөкис – Үргениш» жөнелисинде жолаўшы поездлардың қатнаўы ендигиден былай турақлы түрде ҳәр күни әмелге асырылады.
Поезд ҳәрекети графиги төмендегише:
▪Нөкис саат 05:30 — Үргениш саат 08:50.
▪Үргениш саат 15:30 — Нөкис саат 18:50.
Қарақалпақстан хабар агентлиги