Таза суу-саламат әўлад гиреўи

118

Суў – тиришилик дереги. Халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарында елимиздиң барлық аймақлары сыяқлы, республикамызда да кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Шымбай районы Тазажол аўыл пуқаралар жыйыны аймағында халықты сапалы ишимлик суўы менен тәмийинлеў мақсетинде, «Мәнжиўли» аўылына  суўды душшыландыратуғын заманагөй үскене орнатылды ҳәм усы  мүнәсибет пенен салтанатлы илаж болып өтти.

Илажда “Summit Motors Central Asia” компаниясының баслығы Шукия Хироки, район ҳәкиминиң орынбасары ҳәм аўыл нураныйлары қатнасып, аймақ халқын бул жаңалық пенен қутлықлады.

Бул қайырлы ис нәтийжесинде «Мәнжиўли» аўылындағы 47 хожалық халқы таза ишимлик суўы тәмийнатында машқаласыз жасаў имканиятына ийе болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги