Режеден емес, лебизден шыққан фермерлер

78

Қараөзек районында жайласқан бир қатар алдынғы фермер хожалықлары ҳәр жыл сайын пахта тапсырыў шəртнамасын республикамызда бириншилер қатарында орынлап келмекте. Быйылғы жылы да олар өзлериниң пидәкерликлерин көрсетип, ғаўашаларға өз ўақтында агротехникалық қәделерге сай тәрбия жумысларын жүргизди ҳәм «алтын гүз»де атызларда мол зүрәәт жетистириўге еристи.

Атап айтқанда, райондағы «Амирбай ата», «Даўлы көл»  ҳәм «Асан» фермер хожалықлары алдынғылар қатарында белгиленген режени артығы менен орынлаўға миясар болды.

Усы мүнəсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш. Өтемисов ҳәм район ҳəкими А. Баймуратовлар фермер хожалықлары атызларында болып, хожалық ағзалары ҳəм теримшилерге ҳармасын айтты ҳәм район ҳəкимлигиниң естелик саўғаларын тапсырды.

Районда пахта жыйын-терими шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы