Депутат орынларда: «мәҳәлле жетилиги» жумысы үйренилди

Бүгинги күнде Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Руслан Джумамуратов Нөкис қаласындағы мәҳәллелерде болып, ҳәр қыйлы тараў ҳәм объектлерде үйрениў жумысларын алып бармақта. Пуқаралардың машқалалары, усыныслары тыңланбақта.
Атап айтқанда, “Байтерек” мәкан пуқаралар жыйынында болып, «мәҳәлле жетилиги»ниң жумысы менен танысты. Мәҳәлле белсендилери ҳәм пуқаралар менен ушырасты. Олар «мәҳәлле жетилиги» адамлардың турмыслық талапларына хызмет етип атырғанын айрықша атап өтти. Ушырасыўда халық ўәкиллери аймақта жергиликли транспорт хызметинен пайдаланыў мәселесине тоқтап, олардың талабын қанаатландырыў мақсетинде 72-санлы жөнелистеги маршрутлы таксилердиң жумысын қайтадан жолға қойыў бойынша мүрәжат ҳәм усыныслары инабатқа алынды. Сондай-ақ, банклер тәрепинен ажыратылып атырған барлық кредит түрлери бойынша тийисли қәнигелердиң қатнасыўында семинар шөлкемлестириў усынысы берилди.
Үйрениў даўамында Президентимиз тәрепинен парламент ағзаларына мәҳәллеге түсип, жынаятлардың келип шығыў себеплерин анықлаў, анализлеў ҳәм биргеликте шешим табыў, нызамларды жетилистириў илажларын көриў бойынша берген ўазыйпаларынан келип шығып, усы мәселелерге итибар қаратылды.
Буннан соң депутат усы аймақта жайласқан “EZE KID’S” жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде болып, партия бағдарламасының ўазыйпаларынан келип шыққан ҳалда, бул жерде тәрбияланыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Сәўбетлер даўамында ата-аналар шөлкемде жаратып берилген барлық шараятлар ушын елимиз басшысына миннетдаршылығын билдирди.




Үйрениўлерде анықланған кемшилик ҳәм машқалалар тийисли илажлар көриў мақсетинде депутаттың қадағалаўына алынды. Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, ӨзМТДП фракциясының ағзасы Руслан Джумамуратовтың орынларда үйрениўлери даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги