Квота жасларға имканият жаратпақта

101

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң аталарша ғамқорлығы ҳәм итибары нәтийжесинде қарақалпақстанлы жасларға бир қатар имканиятлар жаратып берилмекте.

Усылар қатарында 2022-жыл 31-августтағы 213-санлы Президент пәрманы менен ҳәр жылы Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасайтуғын ҳәм де улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерин тамамлаған жаслар ушын төлемли-контракт тийкарында қосымша квоталар ажыратылып келинбекте. Быйылғы жылы да республикамыздың қала ҳәм районлары ушын зәрүр болған қәнигеликлер санынан ҳәм кадрлардың ишки зәрүрлигинен келип шығып, Президент пәрманы тийкарында 10 мың қосымша квота ажыратылды.

Усы қосымша квота тийкарында жоқары оқыў орынларына студент болған жаслар қатарында Нөкис қаласы 1-санлы қәнигелестирилген мектеп-интернаты 2024-2025-оқыў жылы питкериўшилеринен Динара Жумабаева, Асқарбек Галиев ҳәм Феруза Марқабаевалар да бар.

– Быйыл Қарақалпақстан медицина институтының емлеў иси бағдарына оқыўға тапсырып, 156,1 балл менен кире алмаған едим, – дейди Динара Жумабаева. – Ҳүрметли Президентимиздиң қарақалпақстанлы жасларға көрсетип атырған ғамқорлығының арқасында, қосымша квота менен өзим қәлеген оқыў орнына кириўге миясар болдым. Буның ушын Президентимизге үлкен рахмет айтаман.

– Өткен оқыў жылында мектебимизди анық ҳәм тәбийғый пәнлер бағдары бойынша 25 оқыўшы питкерип, соннан 22 оқыўшы жоқары оқыў орнына кирген еди, – дейди усы мектеп-интернаты директоры Марат Ибрайымов. – Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы пәрманы тийкарында, питкериўшилеримизден Динара Жумабаева ҳәм Асқарбек Ғалиев Қарақалпақстан медицина институтының емлеў иси ҳәм стоматология факултетине, Феруза Марқабаева  Ферғана мәмлекетлик институтының юристпруденция бағдарына оқыўға кириўге миясар болады. Соның менен, Нөкис қаласы 1-санлы қәнигелестирилген мектеп-интернаты 2024-2025- оқыў жылы питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткиши бойынша 100 процентти көрсетти.

Буның ушын ҳүрметли Журтбасшымызға үлкен рахмет айтамыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы