Бахыт ушын дәбдебе шәрт емес

Елимизде тойлар әзелден халқымызды бирлестиретуғын, мийрим-шәпәәтти күшейтетуғын, жасларды турмыс жолына баслайтуғын муқаддес мәресим сыпатында итибар таўып келген. Бул күни тек ғана жаслардың бахытлы күни белгиленип қалмастан, қоңсы-қобалар, ағайин-туўысқанлар өз-ара мийрим-шәпәәт, татыўлық орталығын жаратқан.
Бирақ, соңғы ўақытларда, тойлар тийкарғы мазмунын жоғалтып, артықша салтанат, ысырапгершилик, жаслардың экономикалық жүгиниң аўырласыўы, ҳәттеки қарыздарлық сыяқлы айырым унамсыз жағдайларды келтирип шығармақта.
Жәмийетимиздеги ҳәр бир белсенди инсан бундай жағдайға бийпәрўа болмаўы керек. Себеби, ҳәр бир шаңарақтың экономикалық турақлылығы – пүткил жәмийеттиң турақлылығы болып есапланады. Ысырапгершилик ҳәм артықша дәбдебе – тек ғана шаңарақтың емес, ал пүткил жәмийеттиң имканиятларын нәтийжесиз жумсаў болып есапланады. Соның ушын да, тойларды ықшам, руўхый жақтан мазмунлы, экономикалық жақтан үнемли түрде өткериў – бүгинги дәўирдиң талабына айланбақта.
Артықша қәрежетлер жас шаңарақларды финанслық жақтан қыйыншылықты бастан кешириўине алып келеди. Мәселен, көп жағдайларда жаслар ямаса олардың ата-аналары үлкен қарыз бенен той баслап, мәресимнен кейин узақ жыллар даўамында оны қайтарыўға мәжбүр болады. Бул болса шаңарақтағы турақлылық ҳәм қатнасықларға тәсир көрсетиўи мүмкин. Сондай-ақ, артықша дәбдебели мәресимлер мақтаныў, бәсекилеслик сезимлерин күшейтип, халқымызға тән болған шын жүреклилик ҳәм әпиўайылық пазыйлетлерин төменлетеди.
Тойларды үнемли өткериў бүгин тек ғана экономикалық зәрүрлик емес, ал, руўхый мәденияттың да көрсеткишине айланбақта. Тойларда тийкарғы итибар руўхый қәдириятларға, жаслар ушын әҳмийетли болған мәсләҳәтлерге, пәтия ҳәм нәсиятларға қаратылса мақсетке муўапық болады.
Мәҳәлле белсендилери, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары да бул мәселеде белсенди болыўы зәрүр. Мәселен, тойлар ушын усыныс етилген нормалар, қәрежетти қысқартыў бойынша мәсләҳәтлер бериў, жаслар менен ушырасыўлар өткериў арқалы унамлы нәтийжеге ерисиў мүмкин.
Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар адамгершилик ҳәм шаңарақлық қәдириятларды беккемлеўге қаратылған. Солай екен, тойларды ықшам ҳәм мазмунлы өткериў мәселеси де бул сиясаттың даўамы болып табылады. Бул бағдарда депутатлар, жергиликли кеңеслер, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қураллары биргеликте жумыс алып барыўы әҳмийетли.
Тойларда үнемлеўди үгит-нәсиятлаў арқалы биз жас шаңарақларды қоллап-қуўатлап қоймастан, халқымызға тән қәдириятларды қәстерлеп сақлаймыз, руўхый орталықты саламатландырамыз.
Сонлықтан, биз, депутатлар, барлық пуқараларды, әсиресе, жасларымызды той мәресимлерин руўхый жақтан мазмунлы, экономикалық жақтан үнемли өткериўге шақырып қаламыз. Ысырапгершиликтиӊ алдын алыў арқалы тек ғана шаңарақ емес, ал пүткил жәмийеттиң мәпин тәмийинлеймиз. Бул болса турақлы, абадан ҳәм руўхый саламат келешекке қойылған әҳмийетли қәдем болады.
Бахтияр ОТЕЛБАЕВ,
Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң депутаты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги