Шавкат Мирзиёев: «Ата-анаңызға «Рахмет» – деп айтты Президентим» – деп айтың

103

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШқа болған сапары шеңберинде усы мәмлекетте мийнет етип атырған ҳәм жасап атырған ўатанласларымыз, усы мәмлекеттиң абырайлы университетлеринде билим алып атырған «Эл-юрт умиди» фондының стипендиясы ийелери менен ушырасты.

Өткерилген ушырасыўда «Эл-юрт умиди» фондының стипендиясы ийеси, Қарақалпақстанлы Гулхумар Жақсылыкова шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында бүгинги күнде жаратып берилип атырған имканиятлар алыс ҳәм шетки аймақлардағы жаслар ушын да үлкен мүмкиншиликлер есиклерин ашып берип атырғанлығын атап өтти. Ол шығып сөйлеўинде қабилетин жүзеге шығарып, билимин жетилистирип атырған жаслар атынан терең миннетдаршылығын билдирди.