Москва қаласында Жәҳән атом ҳәптелиги өз жумысын баслады

Бүгин Москва қаласындағы Халық хожалығы жетискенликлери көргизбеси комплексинде атом ҳәм оған жақын тараўларға бағышланған ең ири илаж – Жәҳән атом ҳәптелигиниң (World Atomic Week) рәсмий ашылыў мәресими болып өтти.
Бул абырайлы илаждың салтанатлы ашылыў мәресиминде “Росатом” мәмлекетлик корпорациясының жуўапкерлери, атом бағдарламаларын раўажландырып атырған мәмлекетлер басшылығының ўәкиллери, дүньялық көлемдеги жетекши экспертлер ҳәм ири компаниялардың басшылары қатнаспақта.
Онда Өзбекстан атынан “Өзатом” агентлигиниң директоры Азим Аҳмедхўжаев басшылығындағы делегация да қатнаспақта.
Форум Россия атом санаатының 80 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилмекте. Атомды тыныш жол менен басып алыў тарийхы ашылыўлар ҳәм жетискенликлерге бай екенлигин атап өтиў керек. 1954-жылы Обнинск қаласында дүньядағы биринши атом электр станциясы иске қосылыўы атом тараўын раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болған.
Атом тараўы пайда болғаннан кейинги дәслепки 15 жыл ишинде дүньядағы биринши токамак реакторы ҳәм биринши атом муз урыўшы кемеси иске қосылған.
“Росатом” бүгинги күнде энергетика, машина қурылысы, қурылыс ҳәм басқа да тараўлардағы активлерди бирлестирген көп тармақлы холдинг. Оның стратегиясы төмен углеродлы электр энергиясын ислеп шығарыўды раўажландырыў, соның ишинде, самал энергетикасын қоллап-қуўатлаўдан ибарат.
Мәмлекетлик корпорация мәмлекетте электр энергиясын ислеп шығарыўда миллий жетекши болып, АЭСлерди қурыў бойынша дүньяда биринши орынды ийелейди. Ҳәр қыйлы басқышларда 11 мәмлекетте 41 энергетикалық блок қурылмақта. Корпорацияның жумыс тараўына инновациялық ядролық емес өним ислеп шығарыў, логистика ҳәм Арқа теңиз жолын раўажландырыў, экологиялық жойбарларды әмелге асырыў да киреди. Оның қурамында 450 ден аслам кәрхана ҳәм шөлкем болып, оларда шама менен 420 мың адам жумыс алып барады.












Ҳәптелик даўамында түрли мәмлекетлердиң қәнигелери, экспертлери бир қатар темаларда презентациялар өткереди. Олардың қатарында бүгин “Өзатом” агентлиги сессия жумысында тараў бойынша әмелге асырылып атырған жетискенликлерин көрсетеди. Еслетип өтемиз, ҳәптелик ертең де өз жумысын даўам еттиреди.
Насиба Зиёдуллаева,
Муқимжан ҚОДИРОВ (сүўрет), ӨзА