ТМШ, ЭБШға ағза мәмлекетлер Бас прокурорлары өз-ара бирге ислесиўди және де кеңейтеди

97

Түркий мәмлекетлер шөлкеми (ТМШ) Бас прокурорларының 4-мәжилиси ҳәм Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми (ЭБШ)не ағза мәмлекетлер Бас прокурорларының 6-мәжилиси болып өтти.

Илажлар шеңберинде Өзбекстан Бас прокуроры Ниғматилла Йўлдошев Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми (ЭБШ) Бас хаткери Асад Мажид Хон басшылығындағы делегация менен ушырасты.

Конструктивлик сөйлесиў ўақтында тәреплер уйымлараралық бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайын ҳәм оны буннан былай да раўажландырыўдың перспективалы бағдарларын додалады ҳәм бирге ислесиўди кеңейтиў және тәжирийбе алмасыўды избе-из даўам еттириўге келисип алды.

Н.Йўлдошев ТМШ ҳәм ЭБШға ағза мәмлекетлердиң Бас прокурорлары менен еки тәреплеме ушырасыўлар да өткерди.

Ушырасыўлар даўамында тәреплер нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында бирге ислесиўди беккемлеў, алдыңғы тәжирийбе алмасыў ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары арасындағы өз-ара байланысларды жетилистириў мәселелерин додалады.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Әзербайжан Республикасы Бас прокуратурасы арасында 2026-2027-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды.

Н.Абдураимова,

ӨзА