Қоңыратта «Қуяшлы шаңарақ»лар көбеймекте

101

Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесинде ӨзЛиДеП депутатлық топарының мәжилиси болып өтип, онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-февральдағы «2023-жылда қайта тиклениўши энергия дереклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиўди жеделлестириў илажлары ҳаққында» ғы қарарының орынланыўы бойынша “Аймақлық электр тармақлары” АЖ Қоңырат районлық филиалының есабаты тыңланды.

Илажда районлық филиал баслығы Оразғали Муханов баянат жасап, депутатларға 2025-жылдың тоғыз айында әмелге асырылған жумыслар, әҳмийетли машқалалар, жақын келешекке мөлшерленген режелер ҳаққында мағлыўмат берди.

Президент қарарының 20-бәнтине муўапық, район аймағында гидроэлектр станцияларын шөлкемлестириў, социаллық, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик объектлерде қуяш панельлерин жедел енгизиў илажлары баслап жиберилди.  Атап айтқанда, 2025-жылдың 9 айы даўамында  24 социаллық ҳәм мәмлекетлик мәкемелерде жәми 385 кВт қуўатлылыққа ийе қуяш панельлери орнатылып, исбилерменлик субектлерине тийисли 25 объектте 1326 кВт қуўатлылықтағы панеллер жайластырылды ҳәм  312 жеке меншик хожалықта улыўма қуўатлылығы 1545 кВт болған қуяш панельлери орнатылды.

“USTYURT SODIUM SULFATE” кәрханасында 1000 кВт қуўатлылықтағы қуяш панельлери орнатылғаны қайта тиклениўши энергия дереклерин нәтийжели енгизиўдиң айқын мысалы болды. Қолланба энергия дерегине өткенге шекем кәрхананың электр энергиясы ушын айлық қәрежети 360 миллион сумды қураған болса, панельлер орнатылғаннан соң бул муғдар 230 миллион сумға түсип, айына 130 миллион сум үнемленген.

Пуқаралардың белсене қатнасыўы да дыққатқа ылайық. Соның ишинде, Әжинияз мәҳәллесинде жасаўшы Нуркен Алдамуратов өз үйине 50 кВт қуўатлылықтағы қуяш панельлерин орнатып, басқаларға өрнек болмақта. Бул  арқалы оның айлық сап дәраматы 9,2 миллион сумды қурамақта. Әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде жәми 4,7 миллион кВт/сааттан аслам электр энергиясының үнемлениўине ерисилди.

Сондай-ақ, «Салық» мобиль қосымшасындағы «Қуяшлы шаңарақ» бөлими арқалы 2025-жылы 312 жеке меншик шаңарақтан қуяш панельлерин орнатыў бойынша мүражатлар келип түскени атап өтилди. Барлық мүражатлар жеделлик пенен көрип шығылып, орынлаўға қабыл етилди. Сондай-ақ, артықша ислеп шығарылған электр энергиясын сатыў бойынша тийисли алды-сатты шәртнамалары дүзилди.

ӨзЛиДеП депутатлар топары әмелге асырылған жумыслардан қанаатланды ҳәм  бул бағдардағы жумысты даўам еттириў, әсиресе, алыс ҳәм кем тәмийинленген аймақларда альтернатив энергия дереклерин кеңнен енгизиў зәрүрлигин атап өтти.

Президент қарарының орынланыўы тек ғана энергияны үнемлеўди арттырыў ҳәм орайласқан тармақларға болған жүклемени азайтыўға емес, ал «жасыл экономика» ны раўажландырыў, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға хызмет етпекте.

                                                                      Қарақалпақстан хабар агентлиги