Инновацялық исбилерменлик ҳәм жаслар: Жаңа әўлад имканиятлары

104

Бүгинги күнде жаслардың экономикалық белсендилиги, социаллық мәселелердеги қатнасы ҳәм инновациялық пикирлеў потенциалы мәмлекет раўажланыўының шешиўши факторларынан бири сыпатында қаралмақта. Әсиресе, жасларды исбилерменлик тараўына тартыў, олардың бизнес идеяларын қоллап-қуўатлаў ҳәм инновациялық шешимлер жаратыўында жәрдем бериў  әҳмийетли ўазыйпалардың бири болып есапланады.

Усы мақсетте Нөкис қаласындағы Жаслар орайында «Инновациялық исбилерменлик ҳәм жаслар: Жаңа әўлад имканиятлары» атамасында семинар-тренинг шөлкемлестирилди. Илаж «Исбилермен жаслардың 1000 инновациялық жойбарығ  шеңберинде әмелге асырылып,  ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси  «Жаслар – келешегимиз»  қорының Қарақалпақстан филиалы менен биргеликте өткерилди.

Семинардың тийкарғы мақсети – жасларға заманагөй исбилерменлик тийкарларын үйретиў, бизнес реже дүзиў, финанслық есап-санақларды жүргизиў,  маркетинг стратегияларын қолланыў ҳәм бәсекиге шыдамлы өним жаратыў бойынша әмелий көнликпелер бериў болып есапланады. Соның менен бирге, инновациялық технологиялардан нәтийжели пайдаланыўға байланыслы билимлерди сиңдириў арқалы жасларды исбилерменликке таярлаў нәзерде тутылған.

Шеберлик сабағы форматында өткерилген илажда туризм ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында искерлик алып барып атырған тәжирийбели исбилерменлер Амина Бекчанова, Дилфуза Джембекова, Асқар Қалниязов  ҳәм Нөкис қалалық Кеңесиниң депутатлары қатнасып,  жаслар менен ашық пикирлести. Олар базардағы реал талаплар,  инновациялық көзқараслар ҳәм бизнесте бирге ислесиў имканиятлары ҳаққында әмелий мағлыўматлар берди.

Илаждың және бир әҳмийетли тәрепи  жаслар тәрепинен билдирилген идея ҳәм басламалардың додаланыўы болды. Атап айтқанда, қатнасыўшы Мийрихан Утеханова  миллий аяқ ойынлар тийкарында туристлер ушын қысқа концерт бағдарламасын шөлкемлестириў идеясын усынды. Бул усыныс исбилерменлер тәрепинен унамлы баҳаланды ҳәм жойбарды әмелге асырыў бойынша бағдарлар көрсетип өтилди.

Жаслар тәрепинен халықтың турмыс дәрежеси төмен болған аймақларда мобил хызмет көрсетиў (шаштәрезлик, тигиў-пишиў, техника оңлаў), экологиялық таза өнимлер жетистириў ҳәм маркетплейс арқалы сатыў, «Мобил бизнес орайлары”н  шөлкемлестириў,  ўәлаят ҳәм районларға шығып орынлардағы жасларға бир мәртелик бизнес мәсләҳәтлер, ҳуқықый жәрдем, грант бағдарламалары ҳаққында мағлыўмат беретуғын автобус ямаса арнаўлы автомашина бериў бойынша усыныслар билдирилди.

Бул идеялар илажда додаланып, оларды әмелге асырыў бойынша усыныслар берилди ҳәм айырым жойбарларды келешекте қоллап-қуўатлаў мақсетинде дизимге алынды.

Семинар-тренинг жуўмағында қатнасыўшылар илажды жаслар ушын жаратылған әмелий майдан сыпатында баҳалады. Бундай илажлар жас әўладтың интеллектуаллық потенциалын раўажландырыўға, оларды еркин қарар қабыл етиўге ҳәм бизнести баслаўға таярлаўда әҳмийетли қәдем болып хызмет етпекте.

Амангул ЕСЕМУРАТОВА ,

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси бөлим баслығы