Жерлесимиз ЮНЕСКО саммитинде шығып сөйледи

97

17-18-сентябрь күни Францияның Париж қаласында жайласқан ЮНЕСКОның бас штаб-квартирасында, ЮНЕСКО ҳәм Экономикалық Шериклик ҳәм Раўажланыў Шөлкеми (OECD) шериклигинде өткерилген «7 th Creativity Summit in Education» саммити болып өтти.

Илажда дүньяның көплеген мәмлекетлеринен жетекши педагоглар, сиясатшылар, илимий изертлеўшилер ҳәм билимлендириў тараўы қәнигелери қатнасты.

Өткерилген бул абырайлы саммитке «Эл-юрт умиди» фонды стипендианты, Уллы Британияның Глазго университети студенти, жерлесимиз Нурсулыў Қоқанова да қатнасып, өзиниң әмелий тәжирийбеси менен бөлисти.

Ол өз шығып сөйлеўинде билимлендириў процесинде ҳәр бир оқыўшының индивидуаллығын инабатқа алыў, олардың қызығыўшылық ҳәм қәбилетлерин анықлаў, шерикликте үйрениў (collaborative learning) орталығын жаратыў зәрүрлигине айрықша тоқтап өтти.

Саммит жуўмағында қатнасыўшылар глобал көлемде креативликти қоллап-қуўатлайтуғын билимлендириў стратегиялары ҳәм усынысларын ислеп шықты.

-Бул саммиттиң тийкарғы мақсети – билимлендириў системаларында дөретиўшиликти раўажландырыў, заманагөй оқытыў методлары арқалы оқыўшыларда сын көзқарасты ҳәм креатив пикирлеўди қәлиплестириў ҳәм санлы технологиялардан пайдаланған ҳалда инновциялық педагогикалық қатнасларды енгизиў мәселелерин талқылаўдан ибарат болды, – дейди Нурсулыў Қоқанова. – Сондай-ақ, бул илаж тек ғана жаңа билимлер алыў емес, ал, халықаралық көлемде бирге ислесиў байланысларын кеңейтиўге мүмкиншилик жаратты.

Әлбетте, жасларымыздың усындай сырт еллердиң ең бир абырайлы университетлерде оқып билим алыўы ҳәм саммитлерге қатнасыўы, халқымызды қуўанышқа бөлеп, өсип киятырған жас әўладтың ертеңги күнге деген исенимин беккемлейди деп ойлаймыз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.