Қарыйдарды «0»ден урған» шақапша анықланды

Нөкис қалалық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине келип түскен мүрәжатқа бола, «Қызылқум» мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «G» газ сервис жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жанылғы қуйыў шақапшасы тәрепинен пуқара Д.К.ның пластик картасынан 3 миллион 600 мың сум артықша пул алынған.
Тутыныўшы автомобильге жанылғы қуйыў мақсетинде усы жанылғы қуйыў шақапшасына барады. Автомобиль ушын қуйылған жанылғы ушын 400 мың сум төлемди әмелге асырыў ўақтында усы ЖШЖ хызметкерлери тәрепинен тутыныўшы Д.К.ның пластик картасынан артықша 3 миллион 600 мың сум алынады. Пуқара артықша услап қалынған пулды қайтарып алыў мақсетинде Өзбекстан тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери федерациясы системасында шөлкемлестирилген 1091 исеним телефонына мүрәжат қалдырады.
Жағдай жәмийет қәнигелери тәрепинен үйренип шығылып, пластик картадан артықша алынған пул қаржылары тутыныўшыға толық қайтарып берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги