Мақсетим – халқымның перзентлерин оқымыслы етиў

Елимизде 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күниниң кеңнен белгилениўи, Президентимиз басшылығында муғаллимлер ҳәм устазлардың жәмийеттеги орнын беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ата-бабаларымыздан усы күнге шекем киятырған қәдириятларымызға үнлес болды.
Себеби, устазына шексиз ҳүрмет көрсететуғын, оны әкесиндей уллы көретуғын халықтың әўладларымыз. Ата-бабаларымыз устазларға ҳүрмет көрсетиўде бизге үлкен ибрат қалдырған. Илим алыўдан тысқары илим бериў машақатын татыған қәдирли устазларымызды улығлаўдан шадланамыз. Олардың ҳүрметин орнына қойыўға, хызметин орынлаўға миннетлимиз.
Быйылғы жылы да Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен елимиздиң раўажланыўы, ғәрезсизлигимизди және де беккемлеў, нәўқыран ҳәм билимли жас әўладты тәрбиялаў жолында жемисли мийнет етип атырған бир топар тараў пидайылары ҳүрметке бөленип, атақлар, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды. Олардың арасында Елликқала районынан 18 жыллық тәжирийбеге ийе муғаллим, басламашы исбилермен Журабек Оразбаев та бар.
Ол 1986-жылы Елликқала районының “Қилчиноқ” аўыл пуқаралар жыйынында инженерлер шаңарағында туўылған. Ташкент мәмлекетлик техника университетин қызыл диплом менен питкергеннен соң 8 жыл даўамында Төрткүл академиялық лицейинде физика пәнинен сабақ береди. 2018-жылдан бүгинги күнге шекем Елликқала районы 68-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде шақырыўға шекемги басланғыш таярлық пәни муғаллими болып жумыс ислеп келмекте. Бүгинги күнде Журабек Оразбаев ҳәм өмирлик жолдасы Саида Қурбанбаева устазлар шаңарағы сыпатында өзлери жасап атырған “Қошқўра” мәҳәлле пуқаралар жыйынында айрықша ҳүрметке ийе. Үш қыз бир улдың әдиўли анасы Саида инглис тили пәни муғаллими болып, оған Халық билимлендириў министри фондынан үш мәрте, тәжирийбе арттырыў аттестация тестлеринде жоқары балл топлағаны ушын айлығының 70 проценти муғдарындағы арнаўлы үстемелер белгиленген.
Ж.Оразбаев 2020-жылы 250 орынлы “Сарабий” оқыў орайын ашады. Орайдың толық жумыс баслаўы ушын дерлик 800 миллион сум қаржы жумсалды. Барлық зәрүрли шараятлар жаратылған орайда ана тили ҳәм әдебияты, шет тиллери, химия, биология, математика, физика, тарийх, ҳуқықтаныў бағдарларында баслаўыш, орта ҳәм питкериўши класс оқыўшылары, сондай-ақ, шет тиллери бойынша халықаралық имтихан системаларынан алынатуғын сертификатлар ушын таярлықлар шөлкемлестирилип, районда қәнигелерди таярлаў системасын жетилистириўге хызмет етпекте. Бул оқыў орайында райондағы 1, 5, 8, 28, 49, 54, 68-санлы улыўма орта билим бериў мектеплериниң 1-11-классларында билим алып атырған 250 оқыўшы билим дәрежесин арттырып келмекте. Соннан ҳәр жылы 200 ге шамаласы жоқары оқыў орынларына оқыўға киреди. Бүгинги күнге шекем орайда таярланған мыңнан аслам абитуриентлер ЖОО ның студенти болыў бахтына еристи.
Орайда айына бир мәрте усы күнге шекем өтилген темалар бойынша тест алынады ҳәм ең жоқары балл топлаған оқыўшылардың кейинги айдағы төлемлерине 50 процент шегирме бериледи. Оқыўшы таярланып жүрген пәнинен 30 сораўдан барлығына жуўап берсе, сол айы ушын төлем алынбайды. Сондай-ақ, бир ай даўамында билим дәрежеси бойынша жоқары нәтийжелер көрсеткен оқыўшының оқыўға киремен дегенге шекемги таярлықлары оқыў орайының есабынан алып барылады. Оқыўға киргеннен кейин төлемди әмелге асырыў имканияты бериледи.
Елимиздиң пидайы перзенти, билим бериўге қуштар, сақаўатлы исбилерменниң миллий билимлендириўге қосып атырған салмақлы үлеси мүнәсип қәдирленип, 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен мәмлекетлик сыйлық – “Шуҳрат” медали менен сыйлықланды. Ол тек билимлендириў тараўында ғана емес, ал, жәмийетимиздиң раўажланыўы жолында әмелге асырып атырған қайырлы ислери менен де танылған. Атап айтқанда, орайда оның басламасы менен мәҳәлледеги кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлардың перзентлери, жетим, шаңарағында майыплығы болған балалар 20 проценттен 100 процентке шекем шегирмелер менен оқытылады. Екшемби күнлери оларға қосымша тегин сабақлар өтиледи. Сондай-ақ, усындай шаңарақларға турақлы түрде материаллық жақтан жәрдем бериледи. Жақсы мийнет еткен муғаллимлерге жыл ақырында сырт елге ямаса Өзбекстан бойлап шаңарағы менен дем алып келиўи ушын жолламалар алып бериледи.
Әҳмийетлиси, ол быйылғы жылы “Пахтачи” мәҳәллесинде 1,5 миллиард сум қаржы есабынан “Сарабий” оқыў орайының 220 орынлы филиалын ашты. Орайда 12 муғаллимниң бәнтлиги тәмийинленген.
– Журабек Оразбаев районда билимлендириў тараўын раўажландырыўға жан-тәни менен хызмет етип атырған пидайы педагог, – дейди Елликқала районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими баслығы Шухрат Халмуратов. – Оның “Сарабий” оқыў орайы район жасларының оқымыслы болып, интеллектуаллық жақтан раўажланыўына хызмет етип келмекте. Орайда тәлимниң жүдә талапшаңлығы ҳәм бәсекиге шыдамлылығы, балаларды жоқары оқыў орынларына, абырайлы унивеситетлерге мақсетли таярлаўға айрықша итибар қаратыўы, жоқары билимлендириў менен үзликсиз интеграцияласқаны дыққатқа ылайық.
– Оқыў орайын ашпастан алдын Россия Федерациясына барып, жумыс ислеп қайтыў нийетинде жүр едим. Төрткүл академиялық лицейинде жумыс баслағанымда оқыўшылардың физика пәнине қызығыўшылығын көрип, репетитор болыў пикири туўылды. Соннан кейин сырт елге кетиў пикиринен қайттым. Мақсетим өзгерди – халқымның перзентлерин оқымыслы етип, туўылып өскен елиме пайдамды тийгизиў бас мақсетиме айланды, – дейди Ж.Оразбаев. – Бүгинги күнде елимизде басламашы жаслар ушын барлық имканиятлар жаратылған. Бул имканиятларды қәдирлеў, олардан нәтийжели пайдаланып, елимниң раўажланыўына өз үлесимди қосыў миннетим, деп есаплайман. Усы жол менен Өзбекстанымызда муғаллимлерге қаратылып атырған жоқары итибарға жуўап ретинде еле де жақсырақ хызмет етиўге, берилген исенимди ақлаўға ҳәрекет етемен.
Бир ҳәрип үйреткен адам да устаз болып табылады. Олар өзлери жүрген жолдың ойлы-бәлентин жақсы биледи ҳәм шәкиртлерин ескертип барады. Олар таяр тәжирийбе мектеби. Устазлар шын мәнисте ғәзийне, ҳақықый байлық есапланады.
Устаз себепли адамлар дурыс жолды табады, олардың шарапаты менен машқалалардан аман шығады. Алла муқаддес қылған инсанлар арасында устазлар да бар екенлигин умытпаўымыз тийис. Алла илим қәдирин қәншелли бәлент еткен болса, илим беретуғын устазларды да сондай уллы дәрежеге көтерди. Ата-бабаларымыз перзентлерин бир өнер үйрениўи ушын устазларға алып келгенде “Ети сиздики, сүйеги биздики”, деп бийкарға айтпаған. Устаздың шәкиртте ҳақысы көп. Мине усындай ибратлы дәстүрлеримиз даўамлы болсын.

М.Пирназарова,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы