Өзбекстан ҳәм Қубла Африка нефть-газ тараўында бирге ислесиўди кеңейтеди

90

«Өзбекнефтьгаз» АЖ басқарыўы баслығы Баҳодиржон Сиддиқов ҳәм Қубла Африканың “Sasol” компаниясының атқарыўшы вице-президенти доктор Сарушен Пиллай басшылығындағы делегация ағзалары арасында ушырасыў өткерилди.

Онда тәреплердиң бирге  ислесиўи ҳаққында сөз болды.

Атап өтилгениндей, “Sasol” компаниясы “Uzbekistan GTL” жойбарының тийкарғы лицензияларынан бири есапланады. Усы бирге ислесиў шеңберинде синтетикалық жанар май  ислеп шығарыў заводы толық жойбарлық қуўатлылыққа шығарылды.

“Uzbekistan GTL” заводының жумысы менен жақыннан танысқан “Sasol” компаниясы делегациясы усы завод бүгинги күнде толық қуўатлылық пенен ислеп атырғанына ҳәм жоқары нәтийжелиликке ерисилип атырғанына айрықша әҳмийет қаратты. Мийманлар мәмлекет тәрепинен өз ўақтында берилген қоллап-қуўатлаў себепли “Өзбекнефтгаз” АЖ мәмлекет тарийхында биринши мәрте синтетикалық суйық жанар май ислеп шығарыўға ерискенин атап өтти.

“Sasol” компаниясы жойбардың тийкарғы лицензиары сыпатында Жәмийетти ҳәр тәреплеме техникалық жақтан қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, өним ислеп шығарыў ушын зәрүр болған катализаторларды узақ мүддетли жеткерип бериўге таяр екенлигин билдирди.

Жәмийет мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, тәреплер басқа да бағдарларда бирге ислесиўди жолға қойыў, соның ишинде, идеядан әмелий орынлаўға шекемги болған жаңа инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў процесслерин шөлкемлестириў мәселелерин додалады.

Ушырасыў жуўмағында атап өтилгениндей, тәреплер турақлы авиация жанар майын ислеп шығарыў тараўындағы бирге ислесиўди және де күшейтеди.

Н.Зиёдуллаева,

ӨзА