Әмиўдәрьяда бағшылық ҳәм жүзимгершилик раўажланбақта

125

Әмиўдәрья районы Шайкөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “Манғыт Омад Савдо” ЖШЖ 2019-жылы шөлкемлестирилген болып, бүгинги күни өзиниң 12 гектар жер майданына ийе. Соннан 8 гектарында жүзим нәллери егилип, олардың 7 гектарынан бир неше жыллардан берли мол өним алып келинбекте.

– Жеримиздиң 7 гектарына жүзимниң “Тайпи” сорты егилген болып, жетистирилип атырған өним Қазақстан ҳәм Россия мәмлекетлерине экспорт етилмекте, – дейди жәмийет баслығы Азимжан Жумамуратов. – Сондай-ақ, 1 гектар майданға жүзимниң “Аватар” сорты егилип, оннан келеси жылдан баслап өним аламыз. Өткен жылы 100 тонна жүзим экспорт еткен едик. Быйыл да усы тақылетте жумысларымызды даўам еттиремиз.

Соны айтып өтиўимиз керек, бүгинги күни Әмиўдәрья районында 61 аўыл хожалығы кәрханасы бағшылық ҳәм жүзимгершилик пенен шуғылланып келмекте.

Олардың улыўма майданы 1046 гектарды қурап, соннан 641 гектары зүрәәтли бағлар, 405 гектары болса, жаңадан пайда етилген бағлар болып есапланады.

Соннан быйылғы жылы фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен 76 гектар майданда интенсив бағлар шөлкемлестирилди.

Бул болса, районда бағшылық ҳәм жүзимгершиликтиң алға қарай раўажланып баратырғанын көрсетеди. Ең тийкарғысы бул жерлерде адамлар турақлы ҳәм мәўсимлик жумыс пенен тәмийинленип, олардың дәраматлары артпақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги