Өзбекстан Президентиниӊ АҚШқа тарийхый сапары жуўмақланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 80-юбилей сессиясының илажларында қатнасыў ушын 20-24-сентябрь күнлери әмелий сапар менен Нью-Йорк қаласында болды.
Мәмлекетимиз басшысы 24-сентябрь күни АҚШ Конгресси ағзасы, Ўәкиллер палатасындағы “Өзбекстан менен бирге ислесиў бойынша кокус” баслығы Трент Келли ҳәм Миссисипи штаты Миллий гвардиясы сәркардасы, генерал-майор Бобби Жинди қабыллады.

Өзбекстан – АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў, соның ишинде, парламентлераралық сөйлесиўди беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Парламентлераралық сөйлесиў ҳәм алмасыўлар жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Конгресс Сенаты ҳәм Ўәкиллер палатасының ағзалары Өзбекстанға турақлы сапар етпекте. “Өзбекстан менен бирге ислесиў бойынша кокус” жедел ислемекте, оның қурамы кеңеймекте. Конгрессте ҳәр жылы еки мәмлекет парламентлери арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етип атырған Өзбекстан күнлери өткерилип келинбекте.
АҚШтың Миссисипи штаты менен саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларға жоқары баҳа берилди.

Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шерикликти буннан былай да кеңейтиў, жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыўда Конгресстиң қоллап-қуўатлаўы әҳмийетли екени атап өтилди.
Сөйлесиў жуўмағында жақында Конгресс делегациясы ҳәм Миссисипи штаты исбилерменлериниң Өзбекстанға сапарларын шөлкемлестириўге келисип алынды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШқа әмелий сапарын жуўмақлап, дәстүрге бола, усы мәмлекетте мийнет етип ҳәм жасап атырған ўатанласларымыз, сондай-ақ, АҚШтың абырайлы университетлеринде билим алып атырған “Эл-юрт умиди” қорының стипендиантлары менен ушырасты.

Рәсмий емес орталықта өткен қызғын сәўбетлесиў даўамында Жаңа Өзбекстандағы реформаларды әмелге асырыўға байланыслы мәселелер, атап айтқанда, оларды жедел алға қойыўда ўатанласлар ҳәм оларды бирлестириўши шөлкемлердиң қатнасыўы додаланды.

Ушырасыўда табыслы исбилерменлик жумысын жолға қойған ўатанласлар ҳәм жаслар арасында пикирлесиў майданын жаратыўға қаратылған “Ўатанласлардың халықаралық бизнес марафоны”на старт берилди.
Қатнасыўшылар Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы саўда-экономикалық, инвестициялық, илимий ҳәм билимлендириў байланысларын кеңейтиў ҳәм беккемлеў, миллий экономиканың тийкарғы тараўларына АҚШтың алдынғы технологияларын енгизиў, медицина, транспорт ҳәм логистика тараўларында инновацияларды алға қойыў, мәмлекетимизде маркетплейслерди раўажландырыў бойынша өз усынысларын билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы жыйналғанларға Ўатанымыздың раўажланыўына қосып атырған үлеси ушын миннетдаршылық билдирип, билдирилген барлық усыныс ҳәм басламалар мәмлекетимиздиң министрликлери ҳәм уйымлары тәрепинен пуқта үйренип шығылатуғынын, ең перспективалылары болса әмелиятқа енгизилетуғынын атап өтти.
Өзбекстан Президенти АҚШта “Эл-юрт умиди” стипендиантларының саны 500 ден артқанына айрықша итибар қаратты. Қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың билим ҳәм тәжирийбесин ўатанында қолланыў ушын имканият жаратыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы баслы бағдарларынан бири екенин атап өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев студентлерге оқыўда ҳәм келешектеги кәсиплик жумысларында табыслар тилеп, мәмлекетимиз жаслардың басламаларына бәрқулла ашық екенлигин ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таяр екенин атап өтти.
Өз гезегинде, ушырасыў қатнасыўшылары Өзбекстан жетекшисине сырт елдеги ўатанласлар ҳәм жасларға көрсетилип атырған итибар, олардың потенциалын жүзеге шығарыў ушын жаратылып атырған шараятлар ҳәм имканиятлар ушын миннетдаршылық билдирип, Ўатанымыздың раўажланыўына және де көбирек үлес қосыўға таяр екенлигин билдирди.






Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Америка Қурама Штатларына әмелий сапары жуўмақланды.


ӨзА