«Қараөзекли хожа ата» фермер хожалығы шәртнаманы орынлады

100

Ерте бәҳәрде 4400 гектар жерге шигит сепкен Қараөзек районы дийқанлары, бир тегис өнип шыққан ғаўаша нәллерине агротехникалық қәделерге сай тәрбия  берип, оннан мол өним жетистириўге еристи.

Ҳәзирги күнлери районның  барлық аўылларындағы пахта атызларында жыйын-терим ислери қызғын даўам етип, алдынғы фермер хожалықлары белгиленген режени артығы менен орынлаўға миясар болмақта. Усындай алдынғы хожалықлардың бири академик С. Камалов аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан Омар Сапаев басқарған «Қараөзекли хожа ата» фермер хожалығы болып табылады.

Атап айтқанда, олар 26 гектар жерде жетистирилген ғаўашадан 56 тонна өним жетистирип,  шәртнамадағы режени артығына орынлап шықты.

Бул алдынғы фермер хожалығы ағзаларын қолға киргизген табысы менен қутлықлаў ҳәм пахта теримине келген шәпик қоллы теримшилерди хошаметлеў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Шарапат Өтемисов ҳәм Қараөзек районы ҳәкими Анвар Баймуратовлар хожалық атызында болып, теримшилер менен ушырасты ҳәм олардың  ҳал-жағдайлары менен танысты.

Аўыл турғынларына ҳармасын айтып, аўыл хожалығында пидайы мийнет етип атырған хожалық ағзалары ҳәм шәпик қоллы теримшилерге естелик саўғаларын тапсырды.

Буннан соң илаж қатнасыўшыларына районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен йошлы концерт бағдарламасы қойып берилип, бул оларға өзгеше заўық бағышлады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы