“Ренессанс устазлары” педагогикалық шеберлик ярмаркасы болып өтти

119

Қарақалпақтан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайында  “Ренессанс устазлары” педагогикалық шеберлик ярмаркасы өткерилди. Илаждың тийкарғы мақсети – билимлендириў процесинде устазлардың орын ҳәм абырайын арттырыў, алдынғы тәжирийбелерди кең жәмийетшиликке усыныў ҳәм билимлендириўдиң сапасын буннан былай да арттырыў болып табылады.

Ярмарка шеңберинде оқыў-методикалық өнимлер көргизбеси, СТЕАМ, IТ ҳәм санлы билимлендириў бағдарындағы жаңалықлар презентациясы, креатив сабақ исленбелери ҳәм инновациялық көзқараслар тийкарында таярланған  шеберлик сабақлары ҳәм тренинглер шөлкемлестирилди.

Илажда Орай директоры Венера Бекмуратова шығып шөйлеп, ярмарканың тийкарғы мақсети, устазлардың тәжирийбеси ҳәм дөретиўшилик изленислерин кең жәмийетшиликке усыныў, заманагөй билимлендириў процесинде педагоглардың абырайын және де арттырыўдан ибарат екенин атап өтти.

Илаж даўамында педагоглардың жаңа қолланбалары, нәтийжели методикалық қолланбалар ҳәм дөретиўшилик изленислери кеңнен көрсетилди.

-Ярмарка устазлардың билим ҳәм тәжирийбесин кең жәмийетшиликке усыныў, олардың кәсиплик потенциалын арттырыўда әҳмийетли майдан ўазыйпасын атқарды. Қатнасыўшылар тәжирийбе алмасыў, билимлендириў тараўында енгизилип атырған заманагөй методларды үйрениў арқалы   оны өз жумысларында қолланыўға тийкар болары сөзсиз, – дейди ярмарка қатнасыўшысы педагог Пердехан Салиева.

Ярмарка шеңберинде заманагөй билимлендириўдиң ажыралмас бөлеги болған СТЕАМ, IТ ҳәм санлы билимлендириў бағдарындағы ең соңғы жаңалықлар көрсетилип, оқытыўшылар ушын жаңаша қатнаслар ҳәм нәтийжели методлар усыныс етилди. Ярмаркада креатив сабақ исленбелери, шеберлик сабақлары ҳәм тренинглер өткерилип, устазлардың тәжирийбеси ҳәм потенциалы кең жәмийетшиликке усынылды.

Илажда тыңлаўшылар тәрепинен жаратылған түрли инновациялық, методикалық ҳәм дидактикалық материаллар, қол мийнети үлгилери және педагогикалық шеберликти байытыўға хызмет ететуғын дөретиўшилик қолланбалар көрсетилди.

Илаж жуўмағында ярмарка устазлардың кәсиплик потенциалын ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыў менен  инновациялық көзқарасларды ғалаба ен жайдырыўға хызмет еткени айрықша атап өтилди.

Ярмаркада белсене қатнасқан устазлар ҳәр қыйлы номинациялар бойынша сертификатлар менен сыйлықланды.

Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги