Нуранийлер пахта жыйын-теримине белсене қатнасты

Елимиздиң байлығы болған «ақ алтын» ды сепситпей жыйнап алыў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири есапланады. Буның ушын фермерлерге көмекке барып, өз жәрдемин тийгизип атырған халқымыз пидәкерлик пенен мийнет етпекте. Бул илажларда жумыссыз пуқаралардың бәнтлиги тәмийинлениўи менен бирге нураний ата-апаларымыз да пахта атызларында болып, өзлериниң қол көмегин бермекте.
Солар қатарында Нөкис районының нуранийлери де “Қырантаў” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “Тумарис Мадина” фермер хожалығында өткерилип атырған пахта териминде белсене қатнасты.
Елимизде жас әўладты мийнет сүйгишлик руўхында тәрбиялаў, кекселерди қәдирлеў ҳәм жәмийетте олардың орнын және де беккемлеў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжеси сыпатында бүгинги илаж айрықша әҳмийетке ийе болды. Терим процесинде Нөкис районында жасаўшы мийнет ветеранлары, нуранийлер белсене қатнасып, жасларға ҳақыйқый үлги көрсетти.

Бундай илажлар, әлбетте, жаслар ҳәм кекселер арасындағы өз-ара аўызбиршиликти беккемлеўге хызмет етеди. Буннан тысқары руўхый-ағартыўшылық ҳәм мийнетти үгит-нәсиятлаў илажлары арқалы жасларда Ўатанға садықлық, мийнетке муҳаббат, үлкенлерге ҳүрмет сезимлери және де күшейеди.
Сондай-ақ, бүгинги күнде фермер хожалықлары ҳәм жергиликли жәмәәтлер арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў, жәмийетшиликти улыўма мақсет жолында бирлестириўде де айрықша әҳмийетке ийе.
Қарақалпақстан хабар агентлиги