“Gender party” дәстүрине қандай қатнас жасаў керек?

Соңғы жыллары Батыстан кирип киятырған Gender party дәстүри Өзбекстан ҳәм басқа да мәмлекетлерде барған сайын ғалаба ен жаймақта.
Бул байрам арқалы ата-аналар ҳәмилениӊ жынысын дәбдебели, салтанатлы усылда жәриялайды. Негизинде бала жынысы ул ма ямаса қыз ба бул ата-ана ушын бийбаҳа саўға ҳәм перзент бәрқулла қәдирли. Солай болса да, бул дәстүр турмысымызда әҳмийетли орын ийелемекте.
Gender party – ҳәмиледеги баланың жынысын ата-ана ямаса дослар алдында сыр сақлап, байрам усылында жәриялаў дәстүри. Мәселен, реңли торт кесиў, реңли шар жарыў ямаса түтин шығарыў арқалы перзенттиң жынысы анықланады. Бул идея АҚШта 2000-жыллардың ақыры ҳәм 2010-жылларда ғалаба ен жайып, социаллық тармақларда кең тарқалды.

Gender party ата-аналар ушын толқынландырыўшы ҳәм умытылмас ўақыяларды естеликке мөрлейди. Ол тек ғана баланың жынысын билиў емес, ал жақынлары менен кеўил көтериў имканиятын жаратады. Шаңарақлық жақынлықты беккемлеў ушын да хызмет етеди. Көпшилик ата-аналар ушын перзент жынысын билиў өмирдеги жаңа басқыштың басланыўы дегени. Бул оларға келешек ушын таярлықты басқарыў имканиятын береди. Gender party көплеген дөретиўшилик усылларды талап етеди. Мәселен: жаңа идеялар излеў, декорациялар ислеп шығыў ҳәм арнаўлы таярлаў усылардыӊ қатарына киреди. Бул болса шаңарақ ағзаларының қатнасыўын арттырады.
Айырым психологлардың пикиринше, баланың жынысын дәбдебели түрде жәриялаў оның жеке турмысына, келешектеги жынысый идентификациясына тәсир етиўи мүмкин. Бүгинги күнде гендер идентификациясы және де қурамалы ҳәм кеңирек түсиниледи, соның ушын бул түрдеги дәстүрлер балаға артықша басым өткериўи мүмкин. Көплеген шаңарақлар бул байрамларды социаллық тармақларда кең көлемде сәўлелендиреди.

Бул болса тийкарында естелик сыпатында қәдирлениўи керек болған мәўритлерди шоу дәрежесине алып шығады, жеке турмыс шегараларын өзгертип жибереди. Айырым Gender partyларда қолланылатуғын материаллар, жарылыўшы шарлар, түтин ҳәм ҳәттеки өрт қәўпи сыяқлы жағдайлар экологиялық зыян келтириўи мүмкин.
Негизинде, Gender party шаңарақлық байрам болыўы керек, социаллық тармақларда “like” топлаў ушын исленетуғын дәстүр емес. Бул үрп-әдетти ата-ана ҳәм жақынлар арасындағы жыллы, кеўилли мәўритлер сыпатында көриў әҳмийетли. Жынысты жәриялаўда реңлер ямаса дәстүрий белгилерди қолланыўдыӊ орнына, бала келешегин ҳүрмет етиў, ҳәр қандай жыныс ҳәм гендер идентификациясын қабыл етиў әҳмийетли.

Gender party – заманагөй шаңарақлар ушын перзенттиң дүньяға келиўин белгилеў ҳәм толқынландырыўшы мәўритлерди жаратыў қуралы. Бирақ, ол тек ғана байрам емес, ал социаллық орталық ҳәм қәдириятларға тәсир етиўши ўақыя болып табылады.
Жынысқа байланыслы стереотиплер, жеке турмыс шегараларының бузылыўы сыяқлы унамсыз тәреплерин есапқа алып, Gender party дәстүрин және де аңлаған ҳалда ҳәм қәўипсиз тәризде өткерилиўи зәрүр. Солай екен, Gender party шынында да өмиримиздеги әҳмийетли естеликти тарийхқа мөрлеў ме ямаса тек ғана ҳәммеге көрсетип қойыў ушын бир көрсетпе болып қалып атыр ма, деген сораўға ҳәр бир шаңарақ өзиниң мәденияты, қәдириятлары ҳәм зәрүрликлери тийкарында жуўап бериўи керек.
Дилдора ДЎСМАТОВА,
ӨзАның хабаршысы