Тахтакөпирли жас спортшылар Өзбекстанға танылмақта

Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз ҳәм республика ҳүкимети тәрепинен спорт тараўын раўажландырыўға қаратылған айрықша итибар ҳәм қоллап-қуўатлаўлар нәтийжесинде спортшыларымыз халықаралық жарысларда жеңимпазлықты қолға киргизип, мәмлекетимиз байрағын бәлентлерде желбиретпекте.
Спортшыларымыздың бундай жоқары шоққыларды ийелеўинде елимиз аймақларында жайласқан спорт мектеплериниң тутқан орны айрықша болып табылады. Себеби, бул мектеплерде ислеўши устаз-тренерлер тәрепинен кишкене балаларымызға спорттың дәслепки сырлары үйретилип, оларға дурыс жол-жоба бериледи.
Тахтакөпир районында жайласқан спорт мектеби де усындай үлгили билимлендириў дәргайларының бири болып, бүгинги күни бул жерде спорттың 17 түри бойынша 1582 спортшы тәлим-тәрбия алмақта. Атап айтқанда, спорт мектебинде аймақ жаслары спорттың футбол, волейбол, баскетбол, гандбол, көркем гимнастика, спорт гимнастикасы, бокс, стол тенниси, бадминтон, дзюдо, қол урысы, шахмат, жиу-житсу, жеңил атлетика, аўыр атлетика түрлери менен шуғылланып келмекте. Оларға 43 тренер-оқытыўшылар устазлық етип киятыр.
– Елимизде спортқа қаратылып атырған жоқары итибар ҳәм ғамқорлықтың нәтийжесинде, мәмлекетимиз дүньядағы ең ири спорт державасына айланды десем жаңылыспаған боламан, – дейди мектеп директоры Бекберген Жарымбетов.- Спортшыларымыздың Токио Олимпиадасы, Азия ойынлары, Ислам тилеклеслик ойынлары, Азия ҳәм Жәҳән чемпионатларында көрсетип атырған нәтийжелери бул сөзимди толық тастыйықлайды. Сонлықтан бүгинги күни қайсы спорт түринен болмасын, Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан көлеминде өткерилетуғын жарысларда спортшылардың жеңиске ерисиўи қыйын болмақта. Соның ушын мектебимиз тренерлери оқыўшылар менен тығыз бирге ислесип, оқыў-шынығыўларына үлкен итибар қаратпақта.
Шынында да тахтакөпирли спортшылар бүгинги күнниң талабынан келип шығып, заманға сай нық қәдемлер тасламақта. Буны олардың ҳәр қыйлы спорт жарысларында қолға киргизип атырған табыслары айқын тастыйықлайды. Атап айтатуғын болсақ, усы жылдың 22-29-март күнлери Ташкент қаласында, 3-8-апрель күнлери Нөкис қаласында 15 ҳәм 19 жастағы командалар арасында волейбол бойынша өткерилген Өзбекстан чемпионатларында мектеп тәрбияланыўшылары Есен Аңсатбаев ҳәм Азизбек Нуратдиновлардың Қарақалпақстан сайланды командасы қурамында гүмис ҳәм қола медалларды, 17-20-апрель күнлери Жиззақ ўәлаятында өзбек жаўынгерлик өнери бойынша өткерилген Азия кубогинде Нийетбай Сейилхановтың гүмис, Айдана Алижанова ҳәм Азима Шалабаевалардың қола, 23-27-апрель күнлери Самарқандта жиу-житсу бойынша өткерилген Өзбекстан чемпионатында Нилуфар Қайпанованың алтын, Гүлдана Өтемисованың гүмис, Жайнагүл Кеңесбаева, Меҳрибан Жаббарбергенова, Ҳүрзия Пахратдинова, Нуржанат ҳәм Салтанат Юсуповалар, Перийзат Тилеўбергеновалардың қола, 20-23-декабрь күнлери Ташкентте жиу-житсу бойынша өткерилген Өзбекстан кубогинде Турсынай Боранбаева, Меҳрибан Жаббарбергенова ҳәм Ҳүрзия Пахратдиновалардың алтын, Нуржамал Жумабекова, Феруза Исмаиловалардың гүмис, Ләззет Жаббарбергенова, Гүлбану Шарапатдинова, Айгерим Бегдуллаева, Гүлбану Мамбетниязова, Лайла Бектурғанова, Барно Тәңирбергенова ҳәм Абдимансур Қәдирбергеновлардың қола, 12-16-февраль күнлери қол урысы бойынша Ташкент қаласында өткерилген Өзбекстан чемпионатында Ақбота Нағашбаеваның қола, Ушу бойынша Өзбекстан чемпионатында Дәўлет Қуўанышбаев, Әдилбек Мадреймов, Нуртас Арепбаев, Назар Насировлардың гүмис, Рахим Жанадилов, Муҳаммед Насиров, Жангелди Айымбетовлардың қола медалы, 1-8-март күнлери Сырдәрья ўәлаятында волейбол бойынша өткерилген Өзбекстан чемпионатында Айсулыў Тастайбекованың гүмис, 27-29-август күнлери Ташкент ўәлаятында волейбол бойынша өткерилген Өзбекстан кубогинде Айжан Серекееваның қола медал, 14-20-сентябрь күнлери күнлери қол урысы бойынша Хорезм ўәлаятында өткерилген Өзбекстан кубогинде Жулдыз Матекеевалардың алтын, Ақбота Нағашбаеваның гүмис медалларды жеңип алыўы мектепте жумыс ислеп атырған тренерлердиң пидайы мийнетлериниң жемиси десек болады.
– Соңғы жыллары Республика ҳүкимети ҳәм район басшыларының қоллап-қуўатлаўы менен мектебимиздиң материаллық-техникалық базасын жаңалаўға да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта, – дейди мектеп директоры Бекберген Жарымбетов.- Атап айтқанда, мектебимизге «Дәўқара» спорт комплекси қурып берилген болса, 2024-жылы «Ашық бюджет» порталынан 1 млрд 360 млн сумлық қаржы жеңип алынып, спорт мектебине капитал оңлаў жумыслары жүргизилди. Сондай-ақ, 2024-жылдың «Ашық бюджет»тиң екинши мәўсиминде және де 1 млрд 359 млн сумлық қаржы жеңип алынып, оған мектебимиз ушын зәрүр болған спорт әнжамлары, компьютер, аудио ҳәм видео техникалары сатып алынды. Ҳәзирги күнлери жас спортшыларымыз буннан нәтийжели пайдаланып, оқыў шынығыўларын өткерип келмекте.




Әлбетте, мектеп тәрбияланыўшыларының бундай жақсы нәтийжелерди қолға киргизиўинде устаз-тренерлердиң атқарып атырған хызметлери айрықша болып табылады. Олар арасында Саламат Өтениязов, Қәллибек Жамғырбаев, Гүлназ Қайыпбекова, Жайна Есимова, Дәўлетали Усақов, Руфат Абдижалилов ҳәм Айбек Жубатқановлардың өзлериниң пидайылықларын көрсетпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы