Бас прокурор ЭБШ Бас хаткери менен бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша сөйлести

Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Ниғматилла Йўлдошев Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми (ЭБШ) Бас хаткери Асад Мажид Хон басшылығындағы делегация менен ушырасты.
Ушырасыўда Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўдағы, өз-ара исеним ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўдеги роли әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Шөлкем шеңберинде ҳуқық қорғаў уйымлары, атап айтқанда, прокуратура уйымлары арасында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм турақлылықты беккемлеў бойынша нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылған.
Конструктивлик сөйлесиў ўақтында тәреплер уйымлараралық бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм оны және де раўажландырыўдың перспективалы бағдарларын додалады.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара ҳүрмет, ашықлық ҳәм исеним принциплерине тийкарланған бирге ислесиўди кеңейтиўге ҳәм тәжирийбе алмасыўды избе-из даўам еттириўге таяр екенлигин билдирди.
Н.Абдураимова,
ӨзА