Кем тәмийинленген шаңарақларға напақа ҳәм материаллық жәрдем пуллары өз ўақтында қаржыландырылмақта

120

Елимизде халықтың мүтәж қатламына зәрүр материаллық жәрдемлер көрсетиў, системалы түрде кәмбағаллықтан шығарыў барған сайын жетилисип бармақта.

Бул бағдарда “Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри” мәлимлеме системасы шөлкемлестирилген болып, онда кем тәмийинленген шаңарақлар тапсырған арзалар көрип шығылады ҳәм усы реестрге киргизиледи.

Атап айтқанда, усы жылдың сентябрь айы ушын 620 мың кем тәмийинленген шаңарақларға Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен жәми 339,9 млрд. сум қаржы АК “Халық банки”не толық қаржыландырылып, соннан 27 484 шаңараққа 11,8 млрд. сум материаллық жәрдем қаржылары ажыратылған.

Мәлим болыўынша, кем тәмийинленген шаңарақ сыпатында напақа алыўшылардың 93,7 процентине банк карталары арқалы төлемлер әмелге асырылады.

Пенсия пулларын нақ пулда алыўшы шаңарақларға усы ай төлемлери Халық банкиниң көшпели кассалары тәрепинен айдың 27-сәнесине шекем жеткерип берилиўи нәзерде тутылған.

Кем тәмийинленген шаңарақларға напақа ҳәм материаллық жәрдем пулларының қаржыландырылыўы өз ўақтында әмелге асырылып киятырғанлығын атап өтиў керек. Бул болса олардың турмыс тәризин абаданластырыўға хызмет етпекте.

Шербек Исломов, ӨзА