Ҳиндстанлы шыпакерлер халқымызға хызмет көрсетпекте

Соңғы жыллары Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен медицина тараўында халықаралық бирге ислесиўлерди жолға қойыў ҳәм сырт ел тәжирийбесин елимизге алып кириў бойынша бир қатар унамлы илажлар әмелге асырылып, дүньядағы ең белгили медициналық клиникалары менен шериклик байланыслары орнатылды.
Мине, усының нәтийжесинде елимизде сырт елдиң тәжирийбели шыпакерлери тәрепинен бийпул медициналық тексериўлер, қурамалы операциялар әмелге асырылмақта.
23-сентябрь күни усындай әмелий илажлардың даўамы сыпатында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң басламасы менен Нөкис қаласында медицина тараўы ең жақсы раўажланған мәмлекетлердиң бири Ҳиндстанның Дели қаласындағы «BLK-Max» емлеўханасының тәжирийбели нейрохирург-невропатолог, гепатолог-гастроентеролог, онколог ҳәм ортопед-травматолог шыпакерлери тәрепинен наўқаслар бийпул медициналық тексериўлерден өткерилип, оларға зәрүр болған медициналық мәсләҳәтлер берилди.

Бул илаж бүгин де Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медициналық орайының Қарақалпақстан филиалы ҳәм де О.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайының поликлиникасында әмелге асырылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги