Терим машиналары өз нәтийжесин бермекте

133

Бүгинги күнде пахта атызларында терим машиналары жумыс баслап, фермер хожалықларының аўырын жеңиллестирмекте. Беруний районындағы Алғабас аймағында жайласқан “Азат Гулимбаев” фермер хожалығы тәрепинен 92 гектар майданда пахта егилген болып, бул пахта майданларынан 346 тонна пахта шийки затын жетистириў режелестирилген. Фермер хожалығы тәрепинен Түркия мәмлекетинде ислеп шығарылған, яғный қатар аралары 60х60 схемада пахта теретуғын “ЦАНСА” маркалы пахта териў машинасы лизинг тийкарында сатып алынған. Ҳәзирги күнде фермер хожалығында пахта териў машинасы арқалы жыйын-терим жумыслары әмелге асырылмақта. Бул болса ҳәм ўақыттан, ҳәм қаржыдан үнемлеў менен бирге зүрәәтти суўық күнлерге қалдырмастан жыйнап алыўға үлкен жәрдем береди.

Улуғбек аймағында жайласқан “Зафар Сабир” фермер хожалығы тәрепинен 46 гектар майданда пахта егилип, усы пахта майданларынан 207 тонна пахта шийки заты жетистирилди. Бул фермер хожалығы районның алыс аймақларында жайласқан болып, жетистирилген пахта шийки заты Қытай мәмлекетинде ислеп шығарылған “БОШИРАНГ” маркалы пахта териў машинасы арқалы терип алынбақта. Ҳәзирги күнде Беруний районына 9 пахта териў машинасы алып келиниўи режелестирилген болып, соннан алтаўы  фермер хожалықларына тийисли есапланады.

                                                                           Қарақалпақстан  хабар агентлиги