Жас баскетболшыларымыз кубок жеңимпазына айланды

90

17-23-сентябрь күнлери Нөкис қаласында спорттың баскетбол түринен 12 жастағы жас өспиримлер арасында Өзбекстан кубоги болып өтти.

Жарысқа елимиздиң барлық аймақларынан ең күшли командалар қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, балалар арасында биринши орынды республикамыздың жас спортшылары жеңип алып, Өзбекстан кубоги ийесине айланды.

Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Ташкент қаласы ҳәм Самарқанд ўәлаяты командаларына несип етти.

Ал, қызлар арасында болса, республикамыз командасына бираз әўмет жетиспеди ҳәм олар финалда Ферғана ўәлаяты командасына жеңилип қалды.

Жарыстың қола медалына Наўайы ўәлаяты командасы ылайық деп табылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы