Фермер исбилерменлик етиўге жол қойылмайтуғын жумысқа өтсе, фермер хожалығын шаңарақ ағзасына бериўи мүмкин

109

Жерге байланыслы қатнасықларда теңликти тәмийинлеў, жерге болған ҳуқықларды исенимли қорғаў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўши, қайта ислеўши ҳәм сатыўшы субъектлер арасындағы қатнасықлардың ҳуқықый тийкарын беккемлеў бағдарында бир қатар реформалар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, бүгинги күнде исбилерменлик субъектлери, фермер, дийқан хожалықларының өз товарлары (жумыслары, хызметлери) ның баҳасын еркин белгилеўди, олардың жумысына айырым жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары тәрепинен араласыўдың алдын алыў бойынша нызамшылықтағы нормаларды беккемлеў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Усы мақсетте Жынаят ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерге киргизилип атырған қосымшаларға бола, товарлар (жумыслар, хызметлер) ҳәм финанслық қаржылардың еркин ҳәрекетлениўине ҳәм (ямаса) реализацияланыўына араласқанлық ямаса тосқынлық еткенлик ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

Бул Олий Мажлис Нызамшылық палатасының бир топар депутатлары тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында ислеп шығылған нызам жойбарында өз көринисин таппақта. Аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасынан пайдаланыў менен байланыслы қатнасықларды жетилистириўге қаратылған бул нызам жойбары депутатлар ҳәм қәнигелердиң қатнасыўында дәслепки тәризде көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, Жер кодекси, “Фермер хожалығы ҳаққында”ғы нызамға аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкасының ижарашысы ижара шәртнамасы бойынша өзине ижараға берилген еки ямаса оннан аслам жер участкаларынан бири ямаса бир нешеўи бойынша өз ҳуқықлары менен миннетлемелерин басқа шахсқа өткериўи (бөлип-бөлип қайта ижараға бериўи) нәзерде тутылмақта.

Соның менен бирге, фермер хожалығы баслығы исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўға жол қойылмайтуғын жумысқа қабыл етилген жағдайда, фермер хожалығын өз шаңарақ ағзаларынан бирине бериўи мүмкин екенлиги усыныс етилмекте.

Нызам жойбары аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкаларынан нәтийжели пайдаланыў, өнимлер жетистириўшилердиң нызамлы мәплерин қорғаў ҳәм олардың финанслық имканиятларын арттырыўда әҳмийетли орын тутады. Депутатлар бул ҳүжжет жойбарын жетилистириў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА